Убайдулла Мингбоевтың жәмийет ҳәм мәмлекет алдындағы үлкен хызметлери атап өтилди

307

Ташкент мәмлекетлик юридика университетинде белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист Убайдулла Мингбоев туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен ағартыўшылық илаж болып өтти.

У.Мингбоев елимиздиң суд-ҳуқық уйымларында дерлик 60 жылдан берли жемисли мийнет етип келмекте. Жоқары судтың өзинде 20 жылға шамалас жумыс ислеген. Соның ишинде, 12 жыл даўамын(1991-2002-жыллар)ы  Жоқары судтың баслығы, 2018-2020-жыллары Судьялар жоқарғы кеңесиниң баслығы лаўазымында хызмет еткен.

2009-жылдан берли Өзбекстан суд системасы ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў жәмийетлик орайының баслығы сыпатында жумыс алып бармақта.

Ол усы күнге шекем «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист» ҳүрметли атағы, «Фидокорона хизматлари учун» ордени, «Жасорат» медалы менен сыйлықланған еди.

Бүгин болса Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Убайдулла Мингбоевқа  «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» атағы берилди.

Президент кеңесгөйи Ғофуржон Мирзаев мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўын ҳәм пәрманды оқып еситтирди. Бул сыйлық юбилярға жәмийетте нызамшылықты тәмийинлеў, әдилликти орнатыў арқалы инсанның қәдир-қымбатын улығлаў,  пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қосқан мүнәсип үлеси, жоқары қәнигели кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатансүйиўшилик, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жемисли мийнети, жәмийетлик-сиясий турмысқа белсене қатнасықаны ушын берилгенин атап өтти.

У.Мингбоев ғәрезсиз Өзбекстан Жоқары судының биринши баслығы болғаны, биринши Конституциямыздың жойбарын дүзиўге қатнасқанлығын айтып өтиў керек. Республикамызда биринши мәрте «Судлар ҳаққында»ғы нызамды таярлаўда жумысшы топарға басшылық еткен. Өткен әсирдиң 30-35-жылларында репрессия етилгенлердиң, 83-86-жылларында «Өзбеклер иси» деп наҳақ қамақта жатқанлардың көпшилигине әдил суд қарарларын шығарған.

Шығып сөйлегенлер юбилярдың жәмийет ҳәм мәмлекет алдындағы усы сыяқлы хызметлерин айрықша атап өтти.

Умиджон Қурбанов, Носир Ҳайдаров (фото), ӨзА