Усыныслар тыңланып, мүрәжәтлер қадағалаўға алынды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов Нөкис қаласының орайынан 100 километрлик қашықлықта жайласқан Қаратаў мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын халық ҳәм «мәҳәлле жетилиги» менен ушырасты.
Ушырасыўлар даўамында “Өзбекстан – 2030” стратегиясының мазмун-мәниси, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, қабыл етилген нызамлардың халықтың турмысында тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
– Мәҳәлле «жетилиги» – мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, хәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторының жумыс ѳнимдарлығы олардың ҳәр бириниң ѳз жумысларына болған жуўапкершилигине тиккелей байланыслы,-дейди Қаратаў МПЖ ның ҳаял-қызлар белсендиси Дилбар Артықбаева. – Сәўбетлесиў даўамында усы бағдардағы жумысларымыздың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар мағлыўматларға ийе болдық.
Сөйлесиўлер ўақтында пуқаралар тәрепинен бир қатар мүрәжатлер билдирилди.

Атап айтқанда, аймақта ишимлик суўы тармағы 1989-жылы шойын қубырлар арқалы тартылған болып, бүгинги күнге келип олардың тозғанлығы себепли халыққа ишимлик суўын жеткерип бериўде бир қатар машқалалар пайда болмақта.
Бул мәселе бойынша ишимлик суўы тармағына жаңа қубырлар орнатыў бойынша депутат тәрепинен инвестиция бағдарламасына киргизилиўи белгиленди ҳәм басқа да мүрәжәтлер депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.
Депутат жетилик пенен ушырасыўдан соң, аймақтағы 44-санлы балалар бақшасына да барып, ол жерде жаратылған шараятлар менен танысып, пикир-усыныслары тыңланды.
Бул бағдардағы ушырасыўлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги