Нөкисте Startup Garage филиалы ашылды

28-январь күни Нөкис қаласындағы Алоқа банк имаратында Startup Garage филиалы ашылды. Бул жойбар AloqaBank, AloqaVentures ҳәм Startup Garage басламасы менен шөлкемлестирилген. Мәнзил Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, Ислам Кәримов көшеси 102-жай.
Startup Garage’ның тийкарғы мақсети:
жаслардың стартап идеяларын қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнеске айландырыў;
бар идеяларды «MVP» (киши жумысшы бағдарлама) дәрежесине жеткериў;
менторлар менен тәмийинлеў ҳәм тәжирийбе алмасыў;
стартапларды офис ҳәм техникалық инфраструктура менен тәмийинлеў;
банк экосистемасына интеграциялаў ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў;
инвестициялар тартыўға әмелий жәрдем бериў;
ишки ҳәм халықаралық базарларға шығыўына жәрдемлесиў.
Мағлыўмат ушын, 2025-жылдың басынан Startup Garage филиаллары ашылған аймақлардың саны 6 ға жетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги