Аўыл хожалығы тараўында жаңа бирге ислесиў перспективалары

159

Ҳәзирги күнде Өзбекстан сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиў ҳәм сырт еллер менен бирге ислесиўди беккемлеў жолында үзликсиз сиясат алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Түркия аўыл ҳәм тоғай хожалығы министриниң орынбасары Абубекир Гизлигидир басшылығындағы делегация менен ушырасты. Онда еки мәмлекет арасындағы аграр тараўдағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалы жойбарлар додаланды.

Ҳақыйқатында да кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиў байланыслары жедел раўажланбақта. Әсиресе, аўыл хожалығындағы бирге ислесиў ҳәр еки мәмлекет мәплерине сәйкес түрде раўажланып атырғаны айрықша итибарға ылайық.

Ушырасыўда министр Иброҳим Абдурахмонов аграр тараўда бар, бирақ еле пайдаланылмаған имканиятларды иске қосыў арқалы жаңа бирге ислесиў бағдарларын раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қосымша қун шынжыры арқалы экспорт етиў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берди, делинеди Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматында.

Түркия аўыл ҳәм тоғай хожалығы министриниң орынбасары Абубекир Гизлигидир болса өз гезегинде бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша бир қатар усынысларды билдирди. Соның ишинде, бағшылық, балықшылық, аўыл хожалығы егинлерин қамсызландырыў системасын енгизиў ҳәм заманагөй азық-аўқат қәўипсизлиги лабораторияларын шөлкемлестириў мәселелеринде бирге ислесиўди жолға қойыў усыныс етилди.

Сөйлесиўлер соңында тәреплер ҳәзирги бирге ислесиў байланысларын терең таллап, келешекте әмелге асырылатуғын жойбарларды белгилеў ҳәм тийисли пакетин ислеп шығыў бойынша келисимге еристи.

М.ҲОЖИАКБАРОВА, ӨзА