Бас прокуратура: жанылғы-энергия ресурслары үнемленеди ҳәм талан-тараж етилиўине жол қойылмайды

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткерген мәжилисте электр энергетикасын 2025-2035-жылларда раўажландырыў илажлары бойынша әҳмийетли тапсырмалар берилди.
Усы тарпсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бас прокурордың орынбасары Шохрур Аминов тәрепинен жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бойынша Республика штабының кеңейтилген мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте жанылғы-энергия ресурсларын талан-тараж етиў жағдайларының алдын алыў ҳәм энергоресурсларды үнемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы сын көзқараста додаланды.
Жуўапкерлерге мәмлекетимиз басшысы өткерген мәжилисте 100 мың объект, 150 мың шаңарақта улыўма 600 МВт қуўатлылықта қуяш панели орнатылыўы бойынша берилген тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда жергиликли ҳәкимликлер, бажыхана, «Өзэнергоинспекция», коммерциялық банклер, тәмийнат кәрханалары, ҳәм басқа тийисли уйымлардан ибарат жумысшы топар дүзиў бойынша көрсетпе берилди.

Соның менен бирге, үнемлеўдиң қосымша дереклерин анықлаў, реактив батарея орнатыў бойынша көтере тутыныўшыға көрсетпе бериў, еки басқышлыға өткериў, стандарт емес газ жандырғышларды алмастырыў бойынша районлар кесиминде айма-ай график ислеп шығыў, 400 ири тутыныўшыға энергоаудит өткериў бойынша тапсырмалар берилип, орынланыўы Республика штабы тәрепинен айрықша қадағалаўға алынды.
Буннан тысқары, берилген тапсырмаларды белгиленген мүддетлерге орынлаў, бар машқалаларды жеделлик пенен шешиў зәрүр екенлиги атап өтилди, сондай-ақ, жол қойылған кемшиликлер бойынша жуўапкерлер сынға алынып, ескертилди.
Норгул Абдураимова, ӨзА