Әскерий хызметкерлердиң шаңарақларындағы машқалаларға шешим табылды

Тақыятас районында жайласқан Қорғаныў министрлигине қараслы әскерий бөлимде көшпели қабыллаў ҳәм бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Онда әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының социаллық мәселелерине байланыслы машқалаларына шешим табылды.
Илажға Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги әскерий хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары қатнасты.
Көшпели қабыллаў даўамында дәслеп Нөкис әскерий прокуроры А.Матякубов тәрепинен ашық сәўбетлесиў өткерилип, әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына жаратылған шараятлар, мүмкиншиликлер ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди. Өткерилип атырған илажлардың әҳмийети атап өтилди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде жаратылған “Халық пенен қарым-қатнас” халықшыл системасы себепли, халық мәмлекетлик уйымлар ушын емес, ал мәмлекетлик уйым хызметкерлери халыққа хызмет етиўи керек деген ийгиликли принциптиң әмелде қолланылыўы арқасында көплеген жерлеслеримизди жыллар даўамында қыйнап келген машқалалар, шешими табылмай атырған мәселелер шешилмекте.

Қабыллыўда әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының жумысқа орналасыўы ҳәм перзентлериниң билимлендириў мәкемелерине кириўи, жеңиллетилген ипотека кредити тийкарында ажыратылатуғын турақ жайларды сатып алыўы, салық төлемлерин төлеўдеги жеңилликлер ҳәм басқа да мәселелер бойынша жәми 35 мүрәжаты қабыл етилди. Соннан 14 мүрәжат сол жердиң өзинде қанаатландырылған болса, 12 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди, 9 мүрәжаттың орынланыўы қадағалаўға алынған ҳалда тийисли шөлкемлерге жиберилди.
Мийнет ярмаркасына районның бәнтликке көмеклесиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими, медицина бирлеспеси, Халық банки, салық бөлими, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими ҳәм тағы басқа бир қатар шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасты.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги