Қарақалпақстан бокси тарийхы жаңаланбақта ямаса 25 жыл күтилген чемпионлық

242

Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде спорт тараўын раўажландырыўға қаратылған айрықша итибардың нәтийжесинде, мәмлекетимиз спортшылары халықаралық ареналарда Өзбекстан байрағын бәлентлерде желбиретпекте. Әсиресе, боксшилеримиздиң Азия, жәҳән чемпионатларында, Олимпиада ойынларында қолға киргизип атырған табыслары халқымызды қуўанышқа бөлемекте. Жасырарлығы жоқ, соңғы ўақытлары Өзбекстан сайланды командасының боксшилери халықаралық жарысларда гегемонлық етпекте, десек асыра айтқан болмаймыз.

Бул болса, Өзбекстанның барлық аймақларында бокстиң жоқары дәрежеде раўажланғанынан дәрек берип, мәмлекет чемпионатында жеңимпаз болыўдың өзи оғада мүшкил ис екенлигин аңлатады. Көпшилик спорт жанкүйерлериниң хабары болғанындай, көп жыллардан берли  ерлер  арасында ересек жастағы қарақалпақстанлы боксшилер Өзбекстан чемпионы бола алмай киятырған еди. 2025-жылдың 28-январь күни бул «қолайсыз» дәстүр өз жуўмағына жетти.

Себеби, Ташкент қаласында өткерилген бокс бойынша Өзбекстан чемпионатының финал беллесиўинде, -60кг салмақта қатнасқан жерлесимиз  Мадияр Данияров Ташкент ўәлаяты ўәкили Шаҳрух Абдималиковты 5:0 есабында жеңип, Өзбекстан чемпионы атағына миясар болды.

– Қарақалпақстан бокси тарийхында буннан 20 жыл бурын, яғный 2005-жылы ең ақырғы мәрте Әлибек Крабаев ересеклер арасында Өзбекстан чемпионы болған еди,-дейди белгили тренер Икрам Шамуратов.-Бул әлбетте, барлық бокс жанкүйерлерине қуўаныш бағышлап, өсип киятырған жас боксшилеримизге мотивация болды. Алдағы ўақытлары, жас боксшилеримиз арасынан да усындай чемпионлар жетилисип шығатуғынлығына беккем исенемиз.

Сондай-ақ, бул чемпионатта ҳаял-қызлар арасында -60 кг салмақта Рашида Тагирова ҳәм -66 кг да Айсәнем Сәрўаровалар финалға шекем жетип келип, гүмис медалын қолға киргизиўге миясар болған болса, – 63 кг да Ахмедова Моҳира Ахмедова менен + 81 кг да Зарафшан Хожамбергеновалар қола медалын жеңип алды.

Жеңимпаз спортшыларды бул жарысқа тренерлерден Ш. Айтбаев, Р.Сейтов, Ж.Нурымбетов, Р.Аметов ҳәм А.Маткаримовлер таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы