Өзбекстанда 2025-жыл 1-апрельден баслап электр энергиясы ҳәм газ баҳалары арттырылады

2025-жыл 1-апрельден Өзбекстанда электр ҳәм газ ушын Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған жаңа тарифлер күшке киреди.
Бул қарар инфраструктураны модернизациялаў ҳәм энергия қуўатлылығын арттырыў зәрүр екенлиги менен түсиндирилген. Компания ўәкиллериниң сөзлерине бола, жанылғы ҳәм нефть өнимлериниң баҳасы артқанына қарамастан, 2018-жылдан берли электр энергиясы тарифлери қайта көрип шығылмаған еди.
АЭТ департаменти директорының орынбасары Диёр Нишонов ескирген трансформаторларды алмастырыў ҳәм подстанциялардың қуўатлылығын арттырыў ушын қосымша қаржылар керек екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, Сенат мәжилисинде Бас министрдиң орынбасары Жамшид Қучқоров тарифлер арттырылыўына қарамастан, энергия ушын мәмлекетлик субсидиялар 2027-жылға шекем даўам ететуғынын, кейин болса, басқышпа-басқыш қысқартылатуғынын билдирген.
Электр печкалары орнатылған көп қабатлы турақ жайларда жасаўшы турмыслық тутыныўшылар ушын тарифлер төмендегише болады:
200 кВт/саатқа шекем: 300 сум (алдыңғы 225 сум);
201 ден 1000 кВт/ саатқа шекем: 500 сум;
1001 ден 5000 кВт/ саатқа шекем: 750 сум;
5001 ден 10 000 кВт/ саатқа шекем: 875 сум;
10 000 кВт/сааттан аслам: 1000 сум.
Басқа турмыслық тутыныўшылар ушын:
200 кВт/саатқа шекем: 600 сум (алдыңғы 450 сум);
201 ден 1000 кВт/саатқа шекем: 1000 сум;
1001 ден 5000 кВт/саатқа шекем: 1500 сум;
5001 ден 10 000 кВт/ саатқа шекем: 1750 сум;
10 000 кВт/сааттан аслам: 2 000 сум.
IV топар тутыныўшылар ушын тариф 900 сумнан 1000 сумға арттырылады.
1 куб метр тәбийғый газдиң баҳасы да артады:
Турмыслық тутыныўшылар ушын: 500 куб метрге шекемги көлем ушын 1000 сумға шекем (алдыңғы 650 сум);
500 ден 2500 куб метрге шекемги көлем ушын: 1800 сум;
10 000 куб метрден асқанына: 3 000 сум.
Суйылттырылған газдиң бир килограммы 2000 сум болады,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги