Өзбекстан ҳәм Түркменстан 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойды

380

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Сыртқы ислер министрликлериниң  гезектеги ушырасыўында мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықты беккемлеўге қаратылған еки әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды. Бул ҳаққында СИМ баспасөз хызмети хабар берди.

Мәмлекетимиздиң сыртқы сиясат уйымының басшысы Баҳтиёр Саидов ҳәм Түкменстан Министрлер кеңеси баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередовтиң қатнасыўында өткен сөйлесиўлер жуўмағында 2025-2026-жылларға  мөлшерленген Бирге ислесиў бағдарламасы, сондай-ақ, шәртнамалық-ҳуқықый базаны инвентаризациялаў ҳәм жетилистириўге тийисли ҳүжжет тастыйықланды.

Сөйлесиў даўамында халықаралық шөлкемлер шеңберинде бир-бириниң кондидатурасын  қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы вербал нота да алмасты.

Бул ҳәрекетлер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў, дослық байланысларын беккемлеўге болған улыўмалық умтылысты көрсетеди.

ӨзА