Депутат сайлаўшылары менен ашықтан-ашық сөйлести

240

ӨзЛиДеПтиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясы ағзалары аймақларға шығып, халық пенен сөйлесиўлер өткериў арқалы олардың машқала ҳәм усынысларын үйрениўди даўам еттирмекте. Бул процессте билдирилген усыныслар бойынша нәтийжели депутатлық қадағалаўды  орнатыў, машқалаларды мәнзилли шешиў мәселелери де кеңнен додаланбақта.

Атап айтқанда, усындай басламалар шеңберинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова Хожели районындағы “Тынышлық” мәҳәллесинде болып, жергиликли халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерди.

Илажда елимизде кейинги жылларда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, нызамшылықтағы жаңалықлар, қабыл етилип атырған нызамлар, қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси бойынша толық мағлыўматлар берип өтилди.

Соның менен бирге, депутат Гүлжан Халмуратова тәрепинен халықты қыйнап киятырған машқалалар ҳәм шешимин талап етип атырған мәселелерди шешиў мақсетинде райондағы 6-санлы мектеп имаратында көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаў даўамында халық ўәкиллери тәрепинен 15 ке шамалас мүрәжатлер қабыл етилди. Пуқаралардың бәнтлиги, транспорт ҳәм жол қурылысы, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, денсаўлықты сақлаў, жумыссызлық, турақ жай мәселеси,  социаллық тараў объектлерин оңлаў ҳәм қурыў сыяқлы машқалалардың бар екенлиги анықланды.

Сәўбетлесиў ўақтында көтерилген айырым мәселелерге нызам шеңберинде усыныслар ҳәм мағлыўматлар берилген болса, айырым шешимин күтип турған мүрәжатлер депутат тәрепинен қадағалаўға алынды ҳәм унамлы сапластырыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги