Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты қәлиплестириў  мәселеси сөз етилди

245

Шаңарақтағы тынышлық, аўызбиршилик  ўатан ишинде кишкене ўатанның қәлиплесиўине тийкар жаратады. «Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана» дегениндей, ата-ана, қоңсы-қоба бәри жәм болып, ўатанымызға хызмет ететуғын тәрбиялы, билимли ул-қызлардың қәлиплесиўине хызмет етип, мәҳәллелерде алып барылып атырған ийгиликли ислер  бул бағдардағы жумыслардың нәтийжесин жүзеге шығарады.

Нөкис районы сектор басшыларының қатнасыўында «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны имаратында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты  жаратыў бағдарындағы мәселелер  көше бийлери ҳәм мәҳәлле жетилиги менен биргеликте додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы «Республикамыз мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да жетилистириў  бойынша илажлар ҳаққында» ғы қарарының мазмун-мәниси түсиндирилди.

Сондай-ақ, «Ақмаңғыт» ППЖ профилактика инспекторы ҳәм миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен 2025-жыл даўамында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша ис-режелери тыңланып, тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги