Хызметлери мүнәсип баҳаланды

26-январь күни Ташкент қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық аўқамы (ҒМДА) шеңберинде шөлкемлестирилген “Пидайы хызметлери ушын” халықаралық илимий-әмелий таңлаўының сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Усы илажда мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын көтериўге, мәртебесин арттырыўға мүнәсип үлесин қосып атырған, ўатанымыздың жәмийетлик -сиясий турмысында белсене қатнасқаны, пидайы мийнет етиўи ҳәм турмыслық тәжирийбе көнликпелери менен жасларға өрнек болып киятырған бир топар тараў ўәкиллерине естелик саўғалар тапсырылды. Усы халықаралық таңлаўда Нөкис районы ҳәкимлиги жойбарлар менеджери Азиз Қайпов та белсене қатнасып, «Пидайы хызметлери ушын» естелик белгиси ҳәм баҳалы саўға менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги