Билимлендириўдиң инновациялық усыллары енгизиледи

237

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм студент-жаслар ушын және де қолайлы шараят жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри, Республикалық жумысшы топар басшысы Коңыратбай Шарипов усы оқыў орнында болды.

Министр 6 қабатлы 400 орынға мөлшерленген, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылып атырған студентлер турақ жайын барып көрди. Бул заманагөй жойбарға ийе жатақхананы 2 лифт, руўхыйлық, дем алыў ҳәм гигиена ханалары, зәрүр қолайлықларға ийе асхана ҳәм компьютер ханалар менен тәмийнлеў режелестирилген.

Филиалда ветеринария хирургиялық клиникасы, балықшылық, химия, биология, зооинженерия сыяқлы жәми 10 лаборатория болып, студентлердиң илимий ҳәм әмелий билимлер алыў имканиятларын арттырыўға зәрүр шараятлар жаратылған.

Өткен жылы Германияның ГИЗ шөлкеминиң қаржылары есабынан химия, биология ҳәм қәнигеликке бағдарланған лабораториялар толық үскенеленген. Сондай-ақ, Ислам раўажланыў банки қаржылары есабынан «Биология» оқыў-лабораториясы ушын мөлшерленген 29 атамадағы үскене алып келинип, орнатылған.

Республикалық жумысшы топар 2025-жыл ушын белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар менен танысып, оқыў бағдарламаларын жетилистириў, жаңа технологиялар ҳәм илимий методларды қолланыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, оқыў процесин және де заманагөйлестириў ҳәм инновациялық билимлендириў усылларын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги