Әмелий илажларды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди

210

Республикамызда хуқықбузарлықлардың алдын алыў, халықтың тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Беруний районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша район ҳәкими И. Хидиров ҳәм сектор басшыларының қатнасыўындағы мәжилисте Президентимиздиң 2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққындағы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.

Бул бағдарда профилактика инспекторларының жумысын түпкиликли жақсылаў, орынларда ҳуқықбузарлық, нызамбузыўшылық жағдайларының болмаўы ушын барлық илажларды көриў, жынаятшылыққа қолайлық жаратып беретуғын ҳәр қандай факторлардың алдын алыў ҳәм ерте анықлаў жумысларына айрықша итибар бериў әҳмийетли,- деди район прокуроры М.Атажанов.

Районда 2023-жылы 10 мәҳәлле жынятшылықтың дәрежеси бойынша «қызыл» категорияға киргизилген болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 6 ға түскени атап өтилди. 2025-жылы жынаятшылықты улыўма болдырмаўға қаратылған әмелий илажларды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте тийкарынан қарардың мазмун-мәниси ҳәм усы бағдарда тийисли «Жол карта»сын дүзип алыў, олар арқалы профилактикалық илажларды көбейтип, мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыўға ерисиў илажлары келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги