Мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (АИЖС) ҳәм арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги вирусы (АИВ) инфекциясы ҳаққында үгит-нәсият жумысларын алып барыў бағдарында тараў қәнигелериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда АИЖСға қарсы гүресиў орайының баслығы Гүлзира Абилзаева, орай шыпакери Мухаммед Изегенов ҳәм орай хызметкерлери Қуўатбай Бектурганов, Саёра Жариевалар қатнасты. Дәслеп тараў қәнигелери тәрепинен АИЖС ҳәм АИВ инфекциясының тарқалыў себеплери, қәўип факторлары, кеселликтен сақланыў усыллары ҳәм оның жәмийетлик ақыбетлери ҳаққында толық түсиник берилди.
Әсиресе, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда гигиена қағыйдаларына әмел етиў, саламат турмыс тәризин алып барыў ҳәм қәўипли жағдайлардан өз ўақтында сақланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, қәнигелерден керекли мағлыўматларды алды.


Илаж соңында университет студентлериниң арасында усындай үгит-нәсиятлаў илажларын турақлы өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, барлық қатнасыўшыларға саламат турмыс тәризи бойынша арнаўлы тарқатпа материаллар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги