Пайтахтымызда жаңа автобуслар хызмет ете баслады

329

Буннан алдынғы хабарларымызда Нөкис қаласына «Сапсан Транс Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен дерлик 11 млрд. сумлық қаржы есабынан лизинг тийкарында Қытай мәмлекетинен 12 дана «YUTONG» маркалы заманагөй автобуслар алып келингени ҳаққында жәриялаған едик.

Мине, бүгин усы автобуслардың техникалық ҳүжжетлестириў жумыслары өз жуўмағына жетип, азанғы ўақыттан баслап, пайтахтымыз халқына хызмет көрсете баслады.

-Автобусларымыз ҳәзирги ўақытта тест режиминде «Нөкис арқа-батыс автовокзалы – Нөкис қалалық саўда комплекси» жөнелиси бойыншахызмет көрсетпекте, дейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрилигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Заҳида Қалжанова.-Атап айтқанда,  Нөкис арқа-батыс автовокзалынан шыққан автобусларымыз, Шымбай гүзары, Түйемойын суў басқармасы, Е.Алакөз көшеси бойлап Орайлық базар,соңынан Т.Қайыпбергенов көшеси арқалы Мәмлекетлик салық басқармасынан бурылып  А.Досназаров көшеси бойлап Темир жол вокзал арқалы ақырғы бәндирги Нөкис қалалық саўда комплекси яғный халық тилинде Катекс базарына шекем ҳәрекетленеди. Жолаўшылардың жол ҳақысы 2000 сум болып, автобусларымыз 10 минутлық интервал менен азанғы саат 7-00ден кешки саат 21-00 ге шекем  жолаўшыларға хызмет көрсетеди. Усы жерде соны айтып өтиўимиз керек, автобусларымыз тек ғана бәндиргилерде тоқтайды. Сонлықтан жолаўшылардан автобусларға арнаўлы бәндиргилерде миниўин сорап қаламыз.

Әлбетте, пайтахтымызға алып келинген бул автобуслар тек ғана қала халқының емес, Нөкис қаласына келген мийманлар ушын да оғада қолайлы болып табылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы