Ҳәкимшилик ис материаллары көрилип, аймақтағы ҳуқықбузарлықлар додаланды

248

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының тергеў судьясы Б.Аймуратовтың басшылығында Қоңырат районындағы Жаслар орайы имаратында көшпели ашық суд мәжлиси болып өтти.

Онда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген жәми 11 шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материаллары көрип шығылды.

Жәми 7 шахстың қарсысына ҳәкимшилик қамақ жазасы, 3 шахстың қарсысына ҳәкимшилик жәрийма жазасы қолланылып, 1 шахстың қарсысындағы ҳәкимшилик ис кем әҳмийетли деп табылғаны ушын оған Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы Кодекстиң 21-статьясы қолланылып ескертилди.

Буннан соң, тергеў судьясы Б.Аймуратов тәрепинен Қоңырат районы аймағында жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлар ҳәм олардың алдын алыў, қабыл етилип атырған жаңа нызамшылықлар ҳәм өзгерислер бойынша илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги