Жынайый ис тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы себепли өндиристен қысқартылды

Соңғы жылларда, суд-ҳуқық мәселелеринде тәреплердиң өз-ара жарасыўы, жарастырыў институтының жолға қойылғаны, системада миллий менталитетке сай ҳәрекетлерди әмелге асырыў өзиниң бир қатар унамлы нәтийжесин бермекте. Бул ҳәрекет қәўипли болмаған, билип-билмей исленген жынайый ҳәрекетлер сыяқлы жағдайларда қолланылады.
2024-жыл 26-декабрь күни саат 09:30 лар шамасында Нөкис районындағы Саманбай АПЖ аймағында “Кобальт” маркалы автомашинасы менен Нөкис районы «Үлгили мǝкан» МПЖ «Нөкис-Ақманғыт-Кегейли-Қазақдарья» 4 R 175 асфальт жолы бойлап, қубла тәрептен арқа тәрепке қарай ҳәрекетленип киятырып З.К. исмли шахс, пиядалар өтиў орнынан кесип өтип атырған, ержетпеген Т.З.ны автомашинасының алдынғы бөлеги менен дүгип алады. Нәтийжеде жәбирлениўши Т.З. жол-транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде жарақат алып емлеўханаға түседи.
З.К. өзиниң бул ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислеген.
Бул ис Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы С.Давлетмуратов тәрепинен Нөкис районындағы ишки ислер бөлиминде ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Судланыўшы З.К. өз айыбын толық мойынлап, пушайман екенин билдиргени ҳәм жәбирлениўшиге жеткерилген зыян қапланып, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили тәрепинен судланыўшыға кеширим бергенлиги себепли жынаят ислери бойынша Хожели районы судының уйғарыўы менен жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Процессуал Кодексиниң 84-статьясының 4-бөлимине тийкарланып өндиристен қысқартылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги