Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

188

25-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Оған Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Жалпы мәжилистиң үшинши жумыс күнинде сенаторлар тәрепинен дәслеп «Жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бүгин дүньяда жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлер, жаслар арасында ҳәр қыйлы жат идеялар барған сайын кеңнен тарқалыўына себеп болмақта. Бул болса елимизде бундай жағдайлардың өз ўақтында алдын алыў ҳәм оларға шек қойыў бойынша ҳуқық қорғаў уйымларының алдына жаңа ўазыйпаларды қоймақта.

2024-жыл 5-февральдағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарары менен Ишки ислер уйымларының жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психологлары  (үлкен инспектор-психологлары) лаўазымлары Миллий гвардия структурасына өткерилгени де усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың үзликсиз даўамы болып табылады.

Усы қарарға муўапық Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Балалар менен ислесиў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери дүзилди, сондай-ақ, жас өспиримлер мәселелери бойынша үлкен инспектор-психологлар ҳәм инспектор-психологлар лаўазымлары енгизилди.

Бул бөлимлер тәрепинен мектеплерде (10 134) әдеп-икрамлылық-психологиялық орталықты жақсылаў, оқыўшылар арасында қадағалаўсызлықты келтирип шығаратуғын факторларды анықлаў ҳәм сапластырыў, оқыўшыларда ўатансүйиўшилик, Ўатанға садықлық сезимин қәлиплестириў, оларда  нызам бузылыўларға маўасасызлық сезимин қәлиплестириў бойынша тийисли илажлар көрип келинбекте.

Соның менен бирге, машқалалы оқыўшылар менен олардың жасаў орынларында ата-аналарының қатнасыўында мәнзилли ислесиў, сондай-ақ, оқыўшылардың сабаққа қатнасын жақсылаў бойынша ең тийкарғысы «Қәўипсиз мектеп» концепциясы мысалында мектеплерде қәўипсизликти тәмийинлеў ушын әҳмийетли жумыслар әмелге асырылмақта.

Жаңадан шөлкемлестирилген лаўазымларда хызмет ететуғын адамларға, соның ишинде, жас өспиримлер мәселелери бойынша үлкен инспектор-психологлар ҳәм инспектор-психологларға ишки ислер уйымларының жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психологларының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўәкилликлерин бериў зәрүрлиги пайда болмақта.

Миллий гвардияның инспектор-психологлары февраль айынан ҳәзирги күнге шекем 44450 Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясының биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықларды анықлап, ишки ислер уйымларының профилактика инспекторлары арқалы ҳәкимшилик жаза илажлары қолланылыўын тәмийинлеген және ата-аналар тәрепинен перзентлерин мектепке жибермеў жағдайлары бойынша 175 мыңға шамалас ескертиў хатлары жазылған.

Бүгинги күнде 1 инспектор-психологқа мектеплердеги бала санынан келип шығып 3 тен 10 ға шекем мектеп туўра келмекте.

Бирақ инспектор-психологлар тәрепинен жас өспирим ҳуқықбузардың ата-аналарына ҳәкимшилик жаза шараларын қолланыў ушын таяныш пункти профилактика инспекторының алдына алып барып, ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылыўы – инспектор-психологлардың жумыс нәтийжелилигине унамсыз тәсир көрсетип, артықша ўақыт жумсаўына да себеп болмақта.

Сонлықтан бул нызам Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы тәрепинен улыўма билим бериў мектеплеринде хызмет ететуғын жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психологлардың жумысында нызамшылықты тәмийинлеў, сондай-ақ, мектеплерде психологиялық орталықты жақсылаў, жас өспиримлер арасында нызамбузылыўларға кескин қатнаста болыў сезимин қәлиплестириў, машқалалы оқыўшылар менен олардың жасаў орынларында ата-аналары менен мәнзилли ислесиў ўазыйпаларын нәтийжели әмелге асырыўға зәрүр шараят жаратыў мақсетинде ислеп шығылды.

Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы уйымларының жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасына, сондай-ақ, балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Елимизде инсан ҳуқықларын қорғаў системасын «Инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбаты ушын» принципи тийкарында жаңа басқышқа көтериў, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, халықтың ҳуқықын қорғаў системасына болған исенимин беккемлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Реформалардың нәтийжесинде суд-тергеў әмелиятында инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин тәмийинлеўге қаратылған нәтийжели механизмлер ислеп шығылды.

Сенаторлар тәрепинен додаланған нызам да усы реформалардың логикалық даўамы болып, онда жынаят ислеген деп айыпланып атырған адамның еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслығына байланыслы конституциялық ҳуқықларын суд тәрепинен исенимли тәмийинлеў мақсетинде жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда тергеў судьясы лаўазымын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге тергеў судьялары тәрепинен жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў басқышында процессуал қарарларға санкция бериў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў мәселелерин нызамшылықта белгилеў мақсетинде усы нызам менен тергеў судьяларының ўәкилликлери қатарына киргизилген ислерди көрип шығыў тийкарларын ҳәм тәртибин нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның турмысқа енгизилиўи тергеў жумысында инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Кейинги жылларда елимизде пуқаралардың мийнет ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа енгизиў бойынша системалы жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплексинде электрон тәриздеги мийнет шәртнамасын рәсмийлестириў тәртибин енгизиўди, мийнет ҳақы сақланбайтуғын дем алыс даўамлылығын белгилеў тәртибин ҳәм хызметкердиң орташа мийнет ҳақысын есаплаў тәртибин өзгертиўди нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамға муўапық хызметкерлер кешки ҳәм сыртқы билимлендириў тәризинде оқыўы мүмкин болған билимлендириў шөлкемлериниң түрлерин анықластырыўшы өзгерислер киргизилмекте. Сондай-ақ, ҳәмиледарлығы ямаса перзенти бар болғаны себепли хызметкерди жумыстан босатыўға шеклеў енгизилмекте.

Соның менен бирге, жумысқа қабыл етиў ўақтында инсанның паспортын ямаса ID-картасын, мийнет дәптершесине байланыслы мағлыўматларын талап етпей, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер еркин түрде, соның ишинде, мәлимлеме системаларындағы уйымлараралық интеграцияласыў платформалары арқалы сорап алыўы белгиленбекте.

Сенаторлар бул нызам пуқаралардың мийнет ҳуқықларының кепилликлери, мийнет тараўындағы қатнасықлардың электрон системаға өтиўин тәмийинлеўге, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге хызметкерди жумысқа қабыллаўда нызамсыз бийкарлаў жағдайларының азайыўына, сондай-ақ, жумысқа кирип атырған пуқаралардан артықша ҳүжжетлерди талап етиў сыяқлы бюрократлық тосқынлықлар сапластырылыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте «Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Мәмлекетимизде алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң айланысы тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеўге қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти жанындағы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясының жумысы жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен оның ўәкилликлерин нызам ҳүжжетлеринде анықластырыў зәрүрлиги пайда болмақта.

Соның ушын бул нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы, «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы соның менен бирге, «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўы ҳәм пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамларға усы Инспекцияның ўәкилликлерин белгилеўди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Өзгерислерге муўапық тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў, алкоголь өнимлерининиң көтере саўдасы жумысына берилген лицензия ушын жыллық мәмлекетлик бажыны төлеўдиң мүддети белгиленбекте.

Нызам менен юридикалық шахслар тәрепинен пиво ҳәм пиво ишимликлериниң көтере саўдасына байланыслы жумысы ўәкилликли уйымға хабарнама жибериў жолы менен әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў сондай-ақ, реализациялаў тараўында нәтийжели қадағалаў системасын енгизиўге қаратылған. Өнимлердиң нызамсыз айланысына шек қойылыўына, бизнести алып барыў ушын саламат бәсеки орталығын раўажландырыўға, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўға ҳәм нызам нормаларын анық ҳәм бирдей қолланылыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен эколог» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Соңғы жыллары турақлы раўажланыўдың жаңа талапларынан келип шығып, қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бойынша жаңаша қатнас тийкарында реформалар әмелге асырылмақта.

Экологиялық турақлылықтың әҳмийетли факторы сыпатында аймақларды көклемзарластырыў, тереклерди қорғаў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў ҳәм сақлап қалыў бағдарында системалы илажлар көрилмекте.

Аралдың қурыған ултанын жасыл қапламалар менен қаплаў, сондай-ақ, санаат кәрханалары ҳәм транспорт қураллары тасламаларын қысқартыў бағдарында илажлар көрилмекте.

Бул илажлар тек ғана елимиз емес, ал регионда экологиялық турақлылық мақсетлерине хызмет етпекте.

Тараўды раўажландырыўдың концепциясы ҳәм оның бағдарлары бойынша стратегиялар табыслы әмелге асырылмақта. Экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери биргеликте ҳәрекетлерди әмелге асырмақта.

Тараўда тиккелей ҳәм жанапай жумыс алып барып атырғанларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Бул ҳүрметли атақ мәмлекетимизде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўын раўажландырыў, тәбиятты қәстерлеп сақлаў, био ҳәр түрлиликти сақлаў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерискен пуқараларға бериледи.

Сондай-ақ, бул атақ пенен экологиялық жақтан таза ҳәм инновациялық технологияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм көклемзарластырыў жумысларында айрықша баслама көрсеткен, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, жас әўладты тәбиятқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳәм системада жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў бағдарында пидайы мийнет етип атырған қәниге-хызметкерлер ҳәм тараў ўәкиллери, экобелсендилер де сыйлықланады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Душанбе, 2024-жыл 18-аперль) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясий жумысында Орайлық Азия мәмлекетлери, яғный қоңсы мәмлекетлер менен байланысларды жақсылаў, дослық орталықты беккемлеў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди және де жоқары дәрежеге алып шығыў мәселелери айрықша орын ийелейди.

Бул шәртнамаға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл 18-апрельде Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапары шеңберинде Душанбе қаласында қол қойылған. Шәртнама еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа – аўқамласлық дәрежесине алып шығыўға қаратылған.

Бул ҳүжжет халықаралық ҳуқық нормаларына әмел еткен ҳалда регионаллық тартысларды тыныш жол менен шешиў, мәмлекет шегараларын демаркациялаў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў, суў-энергетика тараўында өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў, парламент дипломатиясын раўажландырыў ҳәм өз-ара байланысларды беккемлеў сыяқлы бағдарлардағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўды нәзерде тутады.

Сондай-ақ, экономикалық, инвестициялық, илим-техника, мәденият, билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириў, терроризм, экстремизм ҳәм трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў да үлкен әҳмийетке ийе.

Бул нызам Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де беккемлеўге, регионда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде «Ыссыхына газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимизде климат өзгериўиниң алдын алыў, оның унамсыз тәсирин азайтыў бағдарында белгили бир жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирақ тараўды тәртипке  салыўшы нызам ҳәм нормативлик база жаратылмағанлығы ыссыхана газлериниң шығарылыўын азайтыўда экономикалық, технологиялық ҳәм экологиялық бағдарлар бойынша халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятларын шеклемекте.

Тараўды халықаралық ҳүжжетлер талаплары дәрежесине жеткериў, оның шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў талап етилмекте.

Нызамда ыссыхана газлери шығарылыўын азайтыў нәтийжесинде пайда болатуғын углерод бирликлери айланысын әмелге асырыўдың тәртибин белгилеў ҳәм ыссыхына газлери шығарылыўының системалы қадағалаўын тәмийинлеўге итибар қаратылған.

Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеўдиң тийкарғы принциплери, мониторинги, есабаты ҳәм верификация системасының тийкарлары, тәртиби, қысқартылған ыссыхана газлерине ийелик етиў ҳуқықлары белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен усыныс етилип атырған нызам бүгинги күн ушында оғада әҳмийетлилиги, бирақ онда көрип шығылыўы зәрүр  болған айырым мәселелер де бар екенлиги айрықша атап өтилди.

Соның ишинде, «ыссыхана газлери» түсинигин қайта көрип шығыў, жергиликли Кеңеслер ямаса атқарыў ҳәкимиятының ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў тараўындағы ўәкилликлерин анық бөлистириў, нызамның айырым статьяларын шығарып таслаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сенаторлар нызам келешекте ҳуқықты қолланыў әмелиятында айырым муўапық емесликлерди ҳәм түсинбеўшиликлерди  келтирип шығармаўы, «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олардың жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында»ғы нызам талапларына сәйкес келиўи керек, деген жуўмаққа келди.

Додалаў соңында бул нызам сенаторлар тәрепинен бийкар етилди.

Соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Мәмлекетимизде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, мәҳәлле институтын халыққа ең жақын ҳәм халықшыл структураға айландырыў, пуқаралар жыйынларының ортақ мәплерин көрсетип беретуғын  басқармаға бирлесиў ҳуқықларын жүзеге шығарыў, олардың техникалық базасын беккемлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиўин және де раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Мәҳәлле институты статусының Өзбекстан Республикасы Конституциясы дәрежесинде беккемлениўин тийкарғы мазмуны соннан ибарат, ендигинен былай мәмлекеттиң социаллық сиясаты район яки қаладан емес, ал мәҳәлледен басланады.

Соңғы жети жылда мәҳәлле институтын қәлиплестириў мәмлекеттиң дыққат итибарында болып, бул бағдарда өткерилген таллаўлар соны көрсетпекте, әйне мәҳәлле системасын қәлиплестириўге қаратылған 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Өз гезегинде, сенаторлар пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин және де қәлиплестириў, сондай-ақ, бос қалған орынларға сайланған пуқаралар жыйынлары баслықларының жумыс кепилликлерин беккемлеў зәрүрлиги пайда болғанлығын да атап өтти.

Нызам менен «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы нызамларға киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар бул мәселени тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылған.

Нызамда пуқаралар жыйыны баслығы ўәкилликлери мүддетин 3 жылдан 5 жылға шекем создырыў, босап қалған орынларға пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўди Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы комиссияларының ўәкилликлерине өткериў нәзерде тутылмақта.

Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен бул нызамның турмыста қолланылыўы пуқаралар жыйынлары баслықлары жумысын ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдем етиўши комиссиялардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың үшинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқары суды қурамына өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды. Олий Мажлис Сенатының усы мәселе бойынша қабыл етилген қарарына тийкарланып Новруз Бабакулович Рахманов, Абдуносир Абдухамитович Игамбердиев, Зоир Аманович Рустамов, Абдувоҳид Абдукадирович Касимов ҳәм Хасан Сунаттилаевич Эгамбердиев Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан босатылды.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 20 мәселе, соның ишинде, 18 нызам көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети