Қыс ортасында атыздан алынған жаңа помидор

190

Соңғы жылларда елимизде, соның ишинде, республикамызда ыссыханаларда өним жетистириў жумыслары жақсы жолға қойылып, мине, бир неше жылдан берли қыс мәўсиминде де халқымыздың дастурханларына таза, жаңа пискен овощ ҳәм басқа өнимлер жетистирилип берилмекте.

Быйылғы қыс басланған ўақытта ыссыханаларға егилген егинлер де писип жетилиспекте.

Әмиўдәрья районындағы “Манғыт инвест плюс” ЖШЖға қараслы 1 гектар майданды өз ишине алған ыссыхана 2019-жылы Қытай технологиясы тийкарында иске түсирилген болып, тийкарынан помидор, қыяр өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген.

Бүгинги күнге шекем бул ыссыханада 55 тоннадан аслам өним жетистирилип, ишки базарларға шығарылып, аймақ турғынларын азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеп келмекте. Соның менен бирге, экспорт көлемин арттырыў мақсетинде Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлерине де экспорт етилмекте. Бул да өз гезегинде қосымша дәрамат дәреги есапланып, мәмлекеттиң экспорт потенциалын арттырыўға үлес қосыўы менен әҳмийетли болып есапланады.

Бул ыссыханада 7 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, бүгинги күнде жетистирилген өнимлерди териў жумыслары қызғын алып барылмақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги