Мақсетимиз – халықты электр энергиясы менен тәмийинлеўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў

“Аймақлық электр тармақлары” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалының мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги күнде филиал тәрепинен 107 подстанция, 21 мың 983,0 километрлик электр узатыӯ тармақлары ҳәм 6309 трансформатор пунктлери арқалы республикамыз аймағындағы тутыныўшылар электр энергиясы менен тәмийинленбекте. Өткен 2024-жыл даўамында тутыныўшыларға жәми 1181,6 млрд. сумлық электр энергиясы жеткерип берилип, 1301,3 млрд. сум пул қаржылары өндирилди (110,1%) ҳәм жыл басына салыстырғанда дебитор қарыздарлық 10,8 млрд. сумға азайған. Электр энергиясынан пайдаланыўшы юридикалық тәреплерге 864,1 млрд. сумлық электр энергиясы жеткерип берилип, 971,9 млрд. сумлық қаржы өндирилди, жеке хожалықларға 317,5 млрд. сумлық электр энергиясы жеткерип берилип, 329,4 млрд. сум қаржы өндирилди.
Биз филиал директоры Аллабай Нурымбетов пенен сәўбетлесип, халыққа электр энергиясын жеткерип бериўди жақсылаў, үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да тараўда әмелге асырылған жумыслар бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
- Аллабай Сәтбаевич, техника ҳәм технология менен байланыслы болғанлықтан электр тармақларында бул нәрсеге айрықша итибар қаратылыўы керек. Халыққа электр энергиясын жеткерип бериўдиң үзликсизлигин тәмийинлеўди әмелге асырыўшы техникаларды оңлаў, жаңалаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары қалай әмелге асырылмақта?
– Дурыс. “Аймақлық электр тармақлары” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тǝрепинен 2024-жылы жǝми 644,3 километрлик 0,4-10 кВ. электр узатыў тармақларына, 418 трансформатор пунктлерине жаңа қурылыс, реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў жумыслары исленди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 17-июль күнги арнаўлы қарары ҳәм сол жылдың 23-июль күнги Өзбекстан Республикасы Бас Министри тәрепинен тастыйықланған “2024-жылы Қарақалпақстан Республикасы мәҳәллелеринде халықтың кейпияты ҳәм инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди шешиўге қаратылған илажлар ҳаққында”ғы мәнзилли бағдарлама бойынша республикамызда жәми 68 мәҳәлледе 322,6 километрлик электр узатыў тармақлары ҳәм 40 дана трансформатор пункти мәнзилли бағдарламаға киргизилген аймақларға орнатылды. Соның нәтийжесинде, 13 мың 212 хожалықтың электр энергиясына болған талабы жақсыланады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-апрель күнги 2024-жылғы басламалы бюджет қаржылары есабынан электр энергиясын жақсылаў мақсетинде, мәнзилли бағдарлама бойынша 2 мәҳәлледе 17,6 километрлик электр узатыў тармақлары ҳәм 1 дана трансформатор пункти орнатылды.
Әсиресе, Президент қарарлары ҳәм пәрманлары, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарларында белгиленген ўазыйпалар халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жеделлесиўине айрықша түртки бермекте.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентинин 2023-жыл 25-декабрьдеги «2024-2026 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллык ҳәм өндирислик инфраструктурасын раӯажландырыӯ илажлары ҳаққындағы» қарары тийкарында 0,3 километрлик электр узатыў тармақлары тартылды ҳәм 1 дана трансформатор пункти жанадан орнатылды. Сондай-ақ, 2024-жыл 8-февраль күнги ПК-65-санлы қарарына тийкарланып, 2024-жылда мектепке шекемги билимлендириў ҳәм орта билим бериў тараўлары объектлерин қурыўда сыртқы электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша филиал тәрепинен 12,07 километрлик электр узатыў тармақлары ҳәм 37 дана трансформатор пунктин жаңадан курыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Ал, 2024-жыл 30-апрель күнги ПФ-70 қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында бой көтерген “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде 0,9 километрлик электр узатыў тармақлары ҳәм 2 дана трансформатор пункти жаңадан орнатылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июль күнги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарары тийкарында 290,2 километрлик электр узатыў тармақлары ҳәм 337 дана трансформатор пунктлери орнатылды.
Сондай-ақ, тийисли карар тийкарында 623 көп қабатлы турақ жайдыӊ электр щитлеринде оӊлаў жумыслары алып барылды (бул жумысларға 203,0 млн. сум қаржы жумсалды) ҳәм 13 мың 200 хожалықтың электр энергиясына болған талабы қанаатландырылды.
- Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары қалай әмелге асырылды?
– Президентимиздиң басламасы менен 2024-2025-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларды турақлы түрде электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Елликқала районында жайласқан 110/35/10 кВ.лық “Елликқала” подстанциясындағы күш бериўши трансформаторлардың қуўатлығы 25 000 ҳәм 40 000 кВА.лық қуўатлылыққа өзгертилди. Әмиўдәрья районында жайласқан 110/35/10 кВ.лық “Маңғыт” подстанциясына қосымша 25 000 кВА.лық қуўатлықтағы күш бериўши трансформатор орнатылды.
Қытай Халық Республикасының ТВЕА компаниясы тәрепинен Еллиққала районында жайласқан 110/35/10 кВ.лық “Еллиққала” подстанциясына алып келинген 1 дана 40 МВА.лық күш бериўши трансформаторға алмастырылды, оннан шыққан 25 МВА.лық күш бериўши трансформатор Әмиўдәрья районында жайласқан 110/35/10 кВ.лық “Маңғыт” подстанциясындағы 10 МВА.лық күш бериўши трансформатордың орнына алмастырылды ҳәм оннан шыққан 10 МВА.лық күш бериўши трансформатор Қараѳзек районында жайласқан 110/35/10 кВ.лық “Қараѳзек” подстанциясына алып келинди бүгинги күнде орнатыў жумыслары алып барылмақта.
16 подстанция, 35 майлы ѳширгиш, 2414,5 километрлик электр узатыӯ тармақлары ҳәм 703 трансформатор пунктлеринде ири оңлаӯ жумыслары әмелге асырылды. Ал, 170 күш бериўши трансформаторы, 241 майлы ѳширгиш, 4229,7 километрлик электр узатыў тармақлары, 1405 трансформатор пунктлеринде киши оңлаӯ жумыслары әмелге асырылды.
Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары бойынша авариялық резерв материаллары жәмленди.
Бунда 65 дана тармақлық трансформатор, 81,1 тонна трансформатор майы, 4,9 тонна АС маркалы сым, 5,9 километрлик кабель, 1099 дана темир бетон бағаналары (опор), 6298 дана ажыратқыш, автомат, рубильник, изолятор, наконечник ҳәм кабель муфталар авариялық аўысық бөлеклер менен тәмийинленди. Буннан тысқары 42 арнаўлы техника ҳәм бригада ушын 41 автотранспорт, авариялық жағдайларды тез-арада сапластырыỹ ушын 82 бригада таяр жағдайға келтирилди.
– Қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди және де жеделлестириў бағдарындағы илажлардың орынланыўы қалай әмелге асырылмақта?
– Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы “2023-жылда қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди және де жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарында көрсетилген ўазыйпаларға тийкарланып, 1227 социаллық ҳәм мәмлекетлик уйым объектлерине 12,3 МВт.лық, 1754 исбилерменлик субъектлерине тийисли объектлерге 14,1 МВт.лық ҳәм 4126 жеке хожалыққа 7,4 МВт.лық қуяш панельлерин орнатыў белгиленген еди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 1107 жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик уйымларға тийисли объектлерге 15,1 МВт.лық, 1750 исбилерменлик субъекти объектлерине 13,4 МВт.лық ҳәм 4739 жеке хожалыққа 15,7 МВт.лық қуяш панельлери орнатылды.
“Аймақлық электр тармақлары” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен бүгинги күнде «Soliq» мобил қосымшасының “Қуёшли хонодон” программасы арқалы 5401 жеке хожалықтан арза мүрәжатлер келип түсип, 4739 жеке хожалықтың арза мүрәжатлери үйренип шығылып, толық қабыл етилди. Усы күнге шекем жеке хожалықлар 4 609 670,5 кВт*с. электр энергиясын тармаққа узатқан болса, соның 2 027 839,89 кВт*с. электр энергиясын тармаққа сатып, оларға 2 207 839 894 сум пул төлеп берилди. 1644 көтере (жәмийетлик уйымлар, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм исбилерменлик субъектлери) тутыныўшылар менен жазба түрде шәртнамалар дүзилди. Шәртнама дүзилген бул тутыныўшылар қуяш панели арқалы өзиниң мүтәжлигинен аўыстырып, тармаққа 9 278 204,86 кВт.с. электр энергиясыи узатты. Өз мүтәжлигинен аўыстырылып тармаққа берген 353 тутыныўшыдан есап-санақ фактуралары алынып, олардың 2 786 897,0 кВт. саатлық электр энергиясына 1 927 696 562,64 сум пул “Аймақлық электр тармақлары” АЖ тәрепинен төлеп берилди.
2024-жылы 110 кВ.лық 3 подстанцияда 40 МВА.лық қосымша қуўатлықлар жаратылды.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында 2024-жылдың 10 айы даўамында 296,5 млн. кВт. саатлық электр энергиясы үнемленди, технологиялық жоғалтыўлар 1,07 процентке азайтылды, яғный 21,4 млн. кВт. саатлық технологиялық шығынлар азайды.
Буннан тысқары ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте, электр энергиядан нызамсыз пайдаланыў тәртиби кѳзден ѳткерилгенинде жыл басынан 20,9 млрд. сумлық зыян есапланған 2028 қағыйдабузарлық анықланды ҳәм 1499 қағыйдабузардан 8,3 млрд. сумлық зыян ѳндирилди.
Сәўбетлескен:
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги