1300 ге шамалас дәриханаларда нызам бузылыў жағдайлары анықланды

Бәсеки комитети тәрепинен Республика аймағындағы көплеген дәриханаларда қадағалаў илажлары өткерилди.
Атап өтилгениндей, Бәсеки комитетиниң “Fair tech” бирден-бир мәлимлеме системасы арқалы республикамыз аймақлары кесиминде фармацевтика жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери тәрепинен референт баҳалардың арттырылыўы бойынша өткерилген мониторингте 1300 ге шамалас дәриханаларда нызам бузылыў жағдайлары анықланды.
Соның ишинде,
—Қарақалпақстан Республикасында 88 дәрихана (38 көтере саўда ҳәм 50 усақлап сатыў);
— Әндижан ўалаятында 49 дәрихана (44 көтере саўда ҳәм 5 усақлап сатыў);
— Бухара ўалаятында 50 дәрихана (7 көтере саўда ҳәм 43 усақлап сатыў);
— Жиззақ ўалаятында 106 дәрихана (25 көтере саўда ҳәм 81 усақлап сатыў);
— Қашқадәрья ўалаятында 43 дәрихана (9 көтере саўда ҳәм 34 усақлап сатыў);
— Наўайы ўалаятында 118 дәрихана (30 көтере саўда ҳәм 88 усақлап сатыў);
— Наманган ўалаятында 119 дәрихана (65 көтере саўда ҳәм 54 усақлап сатыў);
— Самарқанд ўалаятында 182 дәрихана (72 көтере саўда ҳәм 110 усақлап сатыў);
—Сурхандәрья ўалаятында 18 дәрихана (17 көтере саўда ҳәм 1 усақлап сатыў);
— Сырдәрья ўалаятында 65 дәрихана (15 көтере саўда ҳәм 50 усақлап сатыў);
— Ташкент ўалаятында 134 дәрихана (20 көтере саўда ҳәм 114 усақлап сатыў);
— Ферғана ўалаятында 36 дәрихана (13 көтере саўда ҳәм 23 усақлап сатыў);
— Хорезм ўалаятында 36 дәрихана (18 көтере саўда ҳәм 18 усақлап сатыў);
— Ташкент қаласында 228 дәрихана (80 көтере саўда ҳәм 141 усақлап сатыў).
Жоқарыдағы аймақларда алып барылған үйрениўлер нәтийжесинде 270 мың жағдайда жәми 11,6 миллиард сум муғдарында тийкарсыз дәрамат алынғаны анықланып, артықша алынған пул қаржыларын тутыныўшыларға қайтарыў илажлары көрилди.
ӨзА