Қубла Корея Президенти рәсмий түрде айыплы деп табылды

Қубла Корея прокуротурасы Президент Юн Сок Ёльға қарсы рәсмий түрде айыплаў жәриялады. Бул ҳаққында «Yonhap» агентлиги хабар берди. Мәмлекет жетекшиси мәмлекетлик структураға қарсы бас көтериўде гүманланбақта. Болжаўларға қарағанда, ол нызамшылар әскерий жағдай жәрияланыўына қарсы даўыс бериўге жол қоймаў ушын парламентке әскер жиберген болыўы мүмкин.
Юн Сок Ёль Корея Республикасының қамаққа алынған биринши президенти болып табылады. Бул ўақыя Миллий ассамблея 2024-жыл 14-декабрьде Президенттиң босатылыўын талап еткеннен кейин жүз берди. Парламет оның буйрығын конституцияға қарсы қарар сыпатында баҳалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги