Әмелият алдынан ушырасыў өткерилди

197

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң филология ҳәм тиллерди оқытыў: (қарақалпақ тили) бакалавриат тәлим бағдарының 2-3-курс студентлериниң әмелият өтеўи алдынан факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслардың қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда факультет деканы Қ.Турдыбаев ҳәм профессор-оқытыўшылар тәжирийбе әмелиятының әҳмийети, оның билимлендириў процесиндеги орны ҳәм студентлер ушын абзаллықларын атап өтти.

Әмелият даўамында студентлер теориялық билимлерин әмелде сынап көриў, өзлериниң кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм тараў бойынша реал тәжирийбе арттырыў имканиятына ийе болады.

Илажда студентлер әмелият дәўиринде әмел етилиўи керек болған ишки тәртип-қағыйдалар, педагогикалық ўазыйпалар ҳәм жуўапкершиликлер ҳаққында толық мағлыўматлар алды. Сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар студент-жасларды қоллап-қуўатлаўға бәрқулла таяр екенлигин билдирип, баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Қәнигелик әмелияты студентлерди келешектеги кәсиплик жумысқа пуқта таярлаўда әҳмийетли басқыш есапланады. Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Мадина Жумабаева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги