Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи

«Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы негизинде Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.
Санаат, техника-технология, инженерлик тараўлары ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў Университеттиң тийкарғы ўазыпаларынан бири етип белгиленди.
Университетте Алдыңғы инженерлик мектеби жумысы шөлкемлестириледи.
2025-2026-оқыў жылына шекем Университетте тәжирийбе-өндирислик (“спин-офф”) кәрханасы шөлкемлестириледи.
2025-2026-оқыў жылынан:
-Университет студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин халықаралық тәжирийбелер тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи.
-Әмиўдәрья инженерлик-технологиялар техникумында инженерлик тараўларындағы кәсиплер бойынша кәсиплик билимлендириў бағдарламаларында толық мәмлекетлик грант тийкарында орта бөлим кадрларды таярлаў жолға қойылады.
Ҳәзирги күнде билим алып атырған барлық студентлер оқыўын Университетте даўам еттиреди ҳәм питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте Университет дипломы бериледи.
ӨзА