Кападзе өз шәкиртлерин сынақтан өткерди

203

Кеше Қатар пайтахты Доҳа қаласында футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы жәҳән чемпионатының таңлап алыў басқышында жақсы ойынлар көрсетип киятырған Иорданияға қарсы жолдаслық ойынын өткерди.

Бул ойын миллий сайланды командаға жаңадан бас тренер болып тайынланған Тимур Кападзе ушын дәслепки ушырасыў болып, онда бас тренеримиз өз шәкиртлериниң ойын әмелиятын сынақтан өткерди. Ойынның дәслепки таймында Бобир Абдиҳолиқов ҳәм Азизбек Амоновлар тәрепинен Иордания дәрўазасын бир неше мәрте нышанға алынғаны менен, олардан анық нәтийже шықпады.

Екинши таймда Кападзе командамыздың 10 ойыншысын алмастырды. Атап айтқанда, дәрўазаман Абдувоҳид Неъматовтың орнына Ботирали Эргашев, футболшылардан Дилшод Комиловтың орнына Ислом Қобилов, Фарруҳ Сайфиевтиң орнына Шерзод Насруллаев, Ойбек Бозоровтың орнына Анвар Ҳожимирзаев, соңынан оның орнына Жаҳонгир Абдусаломов, Одил Ҳамробековтиң орнына Асадбек Раҳимжонов, Жамшид Искандеровтиң орнына Авазбек Ўлмасалиев, Зафармурод Абдураҳматовтың орнына Саидазамат Мирсаидов, Бобир Абдиҳолиқовтың  орнына Жасур Яхшибоев, Азизбек Амоновтың орнына Руслан Жияновлар ойынға түсирилди.

Ал, Иордания сайланды командасы бас тренери болса ойын даўамында, тийкарғы қурамның алты ойыншысын алмастырыўға қарар етти. Ушырасыўдың екинши таймында Иордания сайланды командасы басымырақ ойнады. Деген менен ушырасыўда дәрўазаларға гол урылмады ҳәм есап 0:0 есабы менен жуўмақланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы