Өзбекстан Президенти Беларусь жетекшисин президентлик сайлаўдағы жеңиси менен қутлықлады

187

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-январь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконы кеше болып өткен Президентлик сайлаўдағы исенимли жеңиси менен шын жүректен қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы сайлаўшылардың белсене қатнасыўы ҳәм даўыс бериў нәтийжелери Беларусь халқы әмелдеги Президентке жоқары исеним билдирип атырғаны, әмелге асырылып атырған сиясат ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлап атырғанын және бир мәрте тастыйықлағанын айрықша атап өтти.

Сөйлесиў барысында өткен жылы 7-9-февраль күнлери Беларусь Президенти Александр Лукашенконың Өзбекстанға сапары ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көз қарасынан Өзбекстан-Беларусь көп тәреплеме шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

2024-жылы товар алмасыўдың көлеми 700 миллион доллардан асты. Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында санаат кооперациясы жойбарларын жеделлестириў, тығыз исбилерменлик ҳәм аймақлараралық байланысларды, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекшилери болажақ илажлардың режесин де көрип шықты.

ӨзА