Түркменстан менен күн тәртибиндеги көп тәреплемели шерикликти кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

228

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-январь күни гезектеги Өзбекстан –Түркменстан сиясий мәҳләҳәтлесиўлери шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередовты қабыллады.

Сөйлесиў алдынан министр Рашид Мередов мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, мәмлекеттиң Халық Мәсләҳәтшиси Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтиң қызғын сәлемин ҳәм жақсы  тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан –Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Товар алмасыў көлеми жедел өсип атырғаны, 2024-жылы 1,1 миллиард доллардан артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. “Шават- Ташавуз” шегара алды саўда зонасы биргеликте қурылмақта. Санаат кооперациясы, энергетика, транспорт, логистика, аўыл хожалығы ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында тығыз ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў избе-из даўам еттирилмекте. Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейип бармақта.

Ташкент  қаласында Гурбангули Бердимуҳамедовтиң “Hakyda göwheri” (“Тафаккур гавҳари”) атамасындағы жаңа китабының өзбек тилиндеги басылымының презентациясы өткерилгени ушын Түркменстан басшысының атынан Өзбекстан жетекшисине терең миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп тәреплемели шерикликтиң жаңа кең көлемли күн тәртибин қәлиплестириў, болажақ жоқары дәрежедеги сапарлар, регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм “Орайлық Азия плюс” форматындағы саммитлерге таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, халықаралық сиясат мәселелери бойынша да пикир алысты.

ӨзА