Трамп Колумбияға санкция енгизбекши

Президент Дональд Трамп өз ҳәкимшилигине депортация етилген мигрантларды алып кетип баратырған АҚШ әскерий самолётларын қабыл етиўден бас тартқаны ушын Колумбияға қарсы бир қатар санкциялар қолланыў буйырылғанын мәлим етти.
Оның сөзлерине бола, Америка миллий қәўипсизлигине зыян жеткеретуғын бул ҳәрекет ушын қатаң қарсы шаралар көриледи. Мәселен, АҚШқа киретуғын ҳәр қандай товар ушын 25 процент айрықша тариф, Колумбия ҳүкимети әмелдарлары ҳәм олардың барлық аўқамласлары, тәрепдарларына саяхатты қадаған етиў ҳәм визаларды дәрҳәл бийкарлаў, барлық партия ўәкиллери, шаңарақ ағзалары ҳәм ҳүкимет тәрепдарларына қарсы виза санкциясын енгизиў нәзерде тутылмақта.
– Бул тек ғана басланыўы, – деген Трамп.
Қарақалпақстан хабар агентлиги