Суданда 70 тен көп адам қайтыс болды

Суданның Арқа Дарфур штаты Фашир қалашасы орайындағы емлеўханаға ушыўшысыз самолёт ҳүжими уйымластырылды. Ақыбетинде 70 тен аслам адам өмирден көз жумды.
«Sudan News Agency» – SUNA хабарына қарағанда, регион басшысы Мини Арко Минави социаллық тармақтағы бетинде «Оператив ҳәрекет күшлери тәрепинен емлеўхананың тез жәрдем бөлимине соққы берилгени, нәтийжеде көплеген наўқаслар, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм балалар қайтыс болғаны»н билдирди.
Билдириўде Айрықша жағдайлар бөлими ҳүжимнен кейин зәрүр хызмет көрсете алмағаны да қосымша етилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги