Студентлер теориялық билимин әмелият пенен беккемлемекте (+видео)

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Сүўретлеў өнери ҳәм технологиялық билимлендириў факультетинде теориялық сабақларды әмелият пенен бирге алып барыў ушын барлық шараят жаратылған.
Факультеттиң оқыў-устаханасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 22-ноябрьдеги «Ислам Раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң техникалық базасын беккемлеў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде жәми 70 мың АҚШ долларына жақын қаржы есабынан заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

-Бул оқыў-устаханасының аспазлық, темир ҳәм ағашты қайта ислеў, тигиўшилик сыяқлы бөлмелеринде студентлер теориялық билимин әмелият пенен беккемлемекте,-деди технологиялық билимлендириў кафедрасының баслығы Нурылла Орынбетов. – Бул жерде оқыў ҳәм әмелият сабақларынан тысқары, студентлер ушын дөгерек сабақлары да алып барылады. 100 ден аслам студент бул дөгереклерде бос ўақытын нәтийжели өткермекте. Ҳәзирги күнде оқыў-устаханасында робототехника бойынша арнаўлы бөлме шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги