Мақсет – халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы «Республикамыз мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-1-санлы қарарының мазмун-мәнисин Төрткүл районында аймақ турғынларына жақыннан түсиндириў мақсетинде мәҳәлле жетилигиниң қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Мәжилисти район ҳәкими Р.Шамуратов алып барды ҳәм қарар бойынша түсиниклер берди.
Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў ҳәм криминоген жағдай аўыр мәҳәллелердиң илимий-әмелий қатнаслар тийкарында «Жол картасы»н ислеп шығыў керек, – деди район прокуроры Н. Джоламанов.
Район ИИБ баслығы Р.Турганбаев жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў, мәҳәллелердеги халықтың арасында профилактикалық жумысларды белгиленген тәртипте әмелге асырыў бойынша өз пикирлерин билдирди.


Илажда мәҳәлле жетилигиниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында бирге ислесиў мәселелери кең түрде додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги