«Дүрдана» жойбары шеңберинде поэзия кешеси өткерилди

273

Мәмлекетимизде келешегимиз болған жас әўладты  китапқумарлыққа тартыў, китап басып шығарыўды жетилистириў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде олардың китап оқыўға деген талабының артып атырғанлығы көз қуўандырады . Усы бағдарда алып барылып атырған  илажлар қатарында  түрли тараў ўәкиллери ҳәм кең жәмийетшилик арасында өткерилип атырған ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм беллесиўлер де айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Бул бағдарда ӨзЛиДеП басламасы менен республикамыз бойлап дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Дүрдана» жойбарының орны да айрықша.

Нөкис районлық кәсип-өнер мектебиниң китапханасында ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңеси тәрепинен жойбар шеңберинде өзбек ҳәм қарақалпақ халық шайырларының дөретиўшилигине бағышланған поэзия кешеси болып өтти.

Онда ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңесиниң «Ҳаял-қызлар қанаты» ағзасы, Нөкис районлық кәсип-өнер мектебиниң психологи Алмахан Нуримова шығып сөйлеп, ҳаял-қызлар арасында китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў, жасларды китап оқыўға кеңнен тартыў, олардың талантларын анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында соңғы жылларда алып барылып атырған әмелий жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Илаж  Муҳаммед Юсуп, Ибрайым Юсупов, Зульфия Исраилованың  өмири ҳәм дөретиўшилиги, қосықлары ҳаққында қысқа видеоролик презентациясы менен басланып, шайырлардың Ўатан, дослық, муҳаббат, ана ҳаққындағы белгили қосықлары оқылды.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында “Өзбекстан – 2030” стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы» нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама жойбарының мазмун-мәниси ҳаққында толық түсиник берилип өтилди.

Илаж соңында шөлкемлестириўшилер тәрепинен  белсенди, үлгили китапқумар оқыўшыларға естелик саўғалары тапсырылды.

 

                                                                   Қарақалпақстан хабар агентлиги