Түркий мәмлекетлер халықаралық университети шөлкемлестириледи

«Түркий мәмлекетлер халықаралық университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлер халықаралық университети шөлкемлестириледи.
Төмендегилер Университет жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди, соның ишинде:
-инженерлик, қурылыс, логистика, мәлимлеме технологиялары ҳәм программаластырыў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм экономикалық ҳәм социаллық тараў ушын халықаралық стандартларға муўапық жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў;
-оқыў бағдарламаларын сырт ел, соның ишинде, Түркияның жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте, сондай-ақ, биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында енгизиў ҳәм илимий-изертлеўлер алып барыў.
Университет мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеми есапланады ҳәм өз жумысын Өзбекстанның билимлендириў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырады.
2025-2026-оқў жылынан Университетте билимлендириў процеси билимлендириў тараўында халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтингинде биринши 1000 лық дизимге кирген, сондай-ақ, өз бағдарында жетекши есапланған Түркия Республикасы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң оқыў бағдарламалары тийкарында шөлкемлестириледи.
Университетте студентлерди оқытыў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады ҳәм қабыллаў параметрлери ҳәм төлемли-контракт муғдары Университет тәрепинен белгиленеди.
Университеттиң жумысын жолға қойыў ҳәм муўапықластырыў бойынша басқарыў кеңеси шөлкемлестириледи.
ӨзА