«Даўыт ата» постынан Қазақстанға өтиў ҳәм қайтыў ўақтынша тоқтатылды

Бажыхана комитети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Қазақстан Республикасының «Тажен» (Өзбекстан Республикасының «Даўыт ата») шегара өткериў пункти арқалы адамлар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм руқсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан артпайтуғын жүк автомобильлериниң ҳәрекети 2025-жыл 1-февраль сәнесинен баслап 3 ай мүддетке ўақтынша тоқтатылады.
Бул шеклеўлер шегара өткериў пунктлеринде оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары алып барылыўы мүнәсибети менен Қазақстан Республикасы тәрепинен физикалық тәреплер ҳәм транспорт қуралларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде енгизилмекте.
Сол себепли, ҳәзирги ўақытта «Тажен» (Қазақстан) –«Даўыт ата» (Өзбекстан) шегара өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетлениўши шахслар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм руқсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан артпайтуғын жүк автомобильлери «Яллама», «Занги ата» (Наўайы шегара бажыхана посты)», «Ақ алтын» ҳәм «Малик» өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетлениўи мүмкин.
Сондай-ақ, физикалық тәреплер ушын «Қарақалпақстан» темир жол өткериў пункти арқалы жолаўшы поездлары ҳәрекетленетуғыны мәлим етиледи.
Руқсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан артық болған жүк автомобильлериниң «Тажен» (Қазақстан)- «Даўыт ата» (Өзбекстан) шегара өткериў пункти арқалы ҳәрекети үзликсиз даўам еттириледи.
ӨзА