Нәзерде тутылған ўазыйпалар – елимиздиң раўажланыўы ҳәм халықымыздың мәпине хызмет етеди

257

Бүгин кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланған «Өзбекстан – 2030» стратегиясын  «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл»  экономика жылы» нда әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққындағы Президент Пәрманы жойбарын  аймақ белсендилери, партия депутатлары ҳәм кең жәмиетшилик үлкен қызығыўшылық пенен үйренбекте.

5 тийкарғы бағдарды өз ишине алған Мәмлекетлик бағдарлама жойбарынан қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл» экономика  мәселелери, сондай-ақ, социаллық-экономикалық,  мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарларында 2025-жылға мөлшерленген кең көлемли реформалар, халықтың абаданлығы ҳәм Ўатанымыздыӊ раўажланыўы  жолындағы тийкарғы ўазыйпалар орын алғаны менен әҳмийетли.

Мәмлекетимизде мәҳәллелердиң экологиялық келбетин заманагөйлестириў, әтирап тазалығын тәмийинлеў ушын мийўели ҳәм саяманлы нәллер егиў, пуқараларда экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, халықтың саламатлығын беккемлеў,  исбилерменликти раўажландырыў арқалы халықты кәмбағаллықтан шығарыў, адамлардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарындағы тийкарғы мақсетлердиң орынланыўын тәмийинлеўде биз депутатлар ҳәм партия хызметкерлери және де нәтийжели жумыс алып барыўымыз  зәрүр екенлигин айрықша атап  өтпекшимен.

2025-жылғы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында белгилеп берилген инсан потенциалын жүзеге шығарыўға жақыннан жәрдемлесиў, исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелий жумысларды көбейтиў, халқымыздың байлығы болған тәбийғый ресурслардан үнемли пайдаланыў, «жасыл» экономика принциплерин әмелиятқа енгизиў, суўдан үнемли пайдаланыў бағдарындағы ўазыйпалар бизден және де көбирек излениў, жаңадан-жаңа жойбарларды әмелиятқа енгизиўде белсендилик етиўимизди талап етпекте.

Мәмлекетлик бағдарлама жойбарын буннан былай да жетилистириў бойынша ӨзЛиДеп Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси  белсендилери ҳәм депутатлары анық пикир-усыныслар береди ҳәм Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларда белсене қатнасады.

Бул халықшыл ҳәм турмыслық ҳүжжеттен орын алған барлық бағдардағы мақсет ҳәм ўазыйпалар ертеңги күнимизди және де абадан етиўде, елимиздиң раўажланыўын жоқары басқышқа көтериўде, сондай-ақ, халқымыздың турмысын  жақсылаўға хызмет етеди.

             Алишер Джуманазаров ,Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги