Додалаў процессинде студентлер де белсене қатнаспақта

199

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң мәжилислер залында өткерилген дөгерек сәўбетинде быйылғы 2025-жыл ушын “Өзбекстан – 2030” стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы жойбары қызғын додаланды.

Илажды партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бөлими» ниң баслығы К.Худайбергенова кирис сөз бенен ашып, бағдарлама жойбарынан орын алған халықшыл ҳәм турмыслық тийкарғы басламалар менен идеялардың мазмун-мәниси ҳаққында сөз етти.

Сондай-ақ, илажда мәмлекетимиздиң сиясий турмысында әҳмийетке ийе болған жойбарларды додалаў ҳәм олардың келешекте тараўды раўажландырыўда тутқан орны партияның “Жаслар қанаты” белсендилери тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды.

Илажда қатнасқан студент-жаслар, мәмлекетлик бағдарламалардың нәтийжели әмелге асырылыўы ушын пуқаралық жәмийети, жаслар ҳәм мәмлекет арасында тығыз бирге ислесиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Дөгерек сәўбети жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип,  студентлердиң сиясий ҳәм социаллық мәселелерге болған қызығыўшылығын және де арттырды.

– Болып өткен сәўбеттен мәмлекетлик бағдарлама жойбары ҳаққындағы билим ҳәм көнликпелеримизди және де жетилистирдик. Жойбарда алға қойылған барлық бәнтлер инсан өмири ҳәм оның қәдир-қымбатын жоқарылатыўға қаратылғаны менен бәршемиздиң итибарымызды тартты. Биз жаслар да бир қатар усынысларымызды айтып, өзимизди қызықтырған сораўларға жуўап алдық. Заманласларым  менен биргеликте мәмлекетлик бағдарламаны турмысқа енгизиўде мүнәсип үлесимизди қосыўды ўазыйпа  сыпатында белгилеп алдық,-дейди  Бердақ  атындағы ҚМУ  студенти Диёрбек Мирзабаев.

                                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги