Республикалық жумысшы топардың гезектеги мәжилиси болып өтти

Жаслардың заманагөй, ҳәр тәреплеме қолайлы билим алыўы ушын жаратылған имканиятлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Қарақалпақстандағы жоқары билимлендириў шөлкемлерин 2025-жылы раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын ҳәм жумысын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў бойынша дүзилген Республикалық жумысшы топардың гезектеги мәжилиси Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өтти, – деп мәлимлеме береди НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри, жумысшы топар басшысы Қўнғиротбой Шарипов қатнасып, жоқары билимлендириў мәкемелерин ҳәр тәреплеме раўажлындырыў мақсетинде ислеп шығылып атырған жол картасының жойбарлары көрип шығылды.
Республикалық жумысшы топар ағзаларының үйрениўлери нәтийжесинде жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесслерин жетилистириў, санластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий-изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша сөз етилди.

Соның менен бирге, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын кеңейтиў, жәмийетлик-руўхый орталықты саламатландырыў, студент-жасларда тәрбиялық жумыслардың системасын жетилистириў, материаллық-техникалық тәмийнат, оқыў лабораторияларын заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, сырт мәмлекетлердиң билимлендириў ҳәм изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў бағдарларын ислеп шығылған усыныслар ҳәр тәреплеме додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги