Жеңил атлетлеримиз қандай нәтийжелер көрсетпекте?

270

Қазақстан пайтахты Астана қаласында жеңил атлетика бойынша халықаралық жарыс болып өтти.

Дүнья жүзилик жеңил атлетика федерациясының календарынан орын алған алтын дәрежедеги турнирде 40 мәмлекеттен, соның ишинде, Өзбекстаннан да белгили спортшылар қатнасты.

Жабық аренада өткерилген бул жарыстың үш атлап секириў беллесиўинде сайланды командамыз ўәкили Шарифа Давронова 13,90 метр нәтийже менен гүмис медальды жеңип алыўға еристи. Ал, бийикликке секириў секторында өз әўметин сынап көрген  командамыздың және бир ағзасы Амир Нагаев болса,  2,10 метр көрсеткиш пенен қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы