«Тафаккур гавҳари» («Ақыл-ой гәўҳары») – Түркмен халқы руўхый дүньясының жарқын айнасы

285

Презентация

2025-жыл 24-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында түркмен халқының Миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың жақында өзбек тилинде басып шығарылған «Тафаккур гавҳари» («Ақыл-ой гәўҳары») китабының презентациясы болып өтти.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының ўәкиллери, Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасының ағзалары, министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетимиздеги миллий мәдений орайлар, илим, билимлендириў ҳәм мәденият, дөретиўшилик тараўларының белгили ғайраткерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Бизге белгили, әсирлер даўамында бир дәрьядан суў ишип, ҳәмийше бир-бирине ийинлес болып жасап киятырған туўысқан өзбек ҳәм түркмен халықларын улыўмалық тарийх, бирдей мәденият ҳәм ийгиликли қәдириятлар өз-ара байланыстырып турады.

Ҳәр еки мәмлекет басшылары – Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов тәрепинен әмелге асырылып атырған халықшыл сиясат, жоқары дәрежедеги сапарлар нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланыслар күн сайын кеңейип бармақта.

Ташкент қаласында «Ашхабад» мәденият ҳәм дем алыў бағы, Мақтымқулы естелик комплекси, өз гезегинде, Ашхабад қаласында «Ташкент» мәденият ҳәм дем алыў бағының қурылғаны бул бағдардағы үлкен әмелий қәдемлер болды.

Мәмлекет басшылары баслап берген ийгиликли дәстүрлерге муўапық.ю кейинги жыллары ҳәр еки мәмлекетте әдебиятқа, китапқумарлыққа айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтиў керек.

Түркий мәмлекетлердиң мәдений шөлкеми – ТҮРКСАЙ менен биргеликте «Түркий әдебият дүрданалары» 100 томлық комплекси басып шығарылды, оның 9 томы түркмен әдебияты үлгилерине бағышланған. Оларда  Озодий, Мақтымқулы, Мулланафас, Андалиб, Мулламурод Хорезмий, Хидир Деряев, Берди Кербобоев, Қара Сейтлиев, Қаюм Тангриқулиев, Нозик Оннатиева, Ораз Яғмур, Атажан Тоғон, Ата Атажанов, Аҳмет Маммедов, Оразқулы Оннаев сыяқлы 60 тан аслам жазыўшылар дөретиўшилигинен үлгилер берилген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 19-февральдағы «Уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниң 300 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында мәмлекетимизде бул қутлы әййям кеңнен белгиленди.

Усы сәне мүнәсибети менен өткен жылы Ашхабад қаласында өткерилген халықаралық форумда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығы» естелик медалы менен сыйлықланды. Булардың барлығы халықларымыз арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықлары және де беккемленип атырғанынан дәрек береди.

Әнжуманда шығып сөйлегенлер – Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Абдулазиз Комилов, Мәмлекетлик басқарыў академиясы ректоры Адҳам Бекмуродов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, сенатор Сирожиддин Саййид, академик Шуҳрат Сирожиддинов, «Жәҳән әдебияты» журналының бас редакторы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Аҳмаджан Мелибоев, Өзбекстан кинематография агентлиги директоры Шаҳрат Ризаев, Өзбекстан Илимлер академиясы вице-президенти, профессор Баҳром Абдуҳалимов, филология илимлериниң докторы Баҳодир Каримов, Түркмен миллий мәдений орайының басшысы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Гүлдана Авездурдиева ҳәм басқалар кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында өз-ара исеним ҳәм жақын қоңсышылыққа тийкарланған кең көлемли бирге ислесиў байланыслары пүткиллей жаңа басқышқа көтерилип атырғанын атап өтти. Бул бағдарда презентациясы өткерилип атырған Гурбангули Бердимуҳамедовтың «Тафаккур гавҳари» («Ақыл-ой гәўҳары») китабы да мине, усындай ийгиликли мақсетлерге хызмет етиўи менен үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, Гурбангули Бердимуҳамедов – белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, соның менен бирге, жетик изертлеўши илимпаз, тарийх, философия, әдебият, медицина темаларындағы онлаған салмақлы шығармалардың авторы болып есапланады. Ол Өзбекстан Илимлер академиясының ҳүрметли академиги етип сайланған.

Г.Бердимуҳамедовтың ҳәзирге шекем «Мәденият-халықтың бийбаҳа ғәзийнеси», «Түркменлердиң руўхый дүньясы», «Мәңги әпсана», «Ат – садықлық ҳәм бахыт тымсалы», «Чай – шыпа ҳәм руўхый қуўатлылық дәреги»,  «Бахытлы өмир денсаўлықтан басланар» сыяқлы китаплары басып шығарылған болып, олардың көпшилиги өзбек китапқумарларына да жақсы таныс.

Презентация мәресиминде атап өтилгениндей, «Тафаккур гавҳари» («Ақыл-ой гәўҳары») китабын оқыған адам тек ғана туўысқан түркмен ели емес, ал барлық түркий халықлардың уқсас тарийхы ҳәм мәденияты, өлмес қәдириятлары, уллы пазыйлетлери ҳаққындағы қызықлы мағлыўматларға ийе болады.

Бизге белгили, Өзбекстанда түркмен миллетиндеги ўатанласларымыз да көпшиликти қурайды. Олар ҳәр қыйлы тараўларда нәтийжели ҳәм пидайы мийнет етип, Ўатанымыздың раўажланыўына үлес қосып келмекте. Көп миллетли елимизде олардың мүнәсип турмыста жасаўын тәмийинлеў, қәдирият ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаўға үлкен итибар қаратылмақта.

Илажда шығып сөйлеген Түркменстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Шадурди Мередов Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды және де жоқары басқышқа алып шығыўда әне, усындай мәдений-ағартыўшылық илажлардың орны үлкен екенин атап өтип, бул бағдарда әмелге асырылып атырған барлық ийгиликли ислер ушын Өзбекстан Республикасы Президентине, өзбек халқына шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы