Жарылыў қәўпи болған орталықларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелердиң қәўипсизлиги бойынша жаңа техникалық регламент тастыйықланды

2025-жыл 6-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жарылыў қәўпи болған орталықларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелердиң қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламентти тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2-санлы қарары қабыл етилди.
Бул қарар жарылыў қәўпи болған орталықларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер ушын мәжбүрий талапларды белгилейди. Регламент инсан өмири, саламатлығы, мүлк ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған болып, тийкарғы мақсети, қәўипсизликти тәмийинлеў болып есапланады.
Әсбап-үскенелердиң қәўипсизлиги конструкциясы, ислеў режимлери ҳәм техникалық параметрлерине тийкарланып баҳаланады. Бул талаплар ислеп шығарыўшылар тәрепинен техникалық ҳүжжетлерде белгиленген нормаларға муўапық әмелге асырылыўы керек.
Жарылыў қәўпи болған орталық – бул газ, пуў, шаң ямаса талшықлар араласқан ҳаўа менен әтираптағы шараятлардың жаныўшылығын пайда етиўи мүмкин болған орталық болып есапланады. Жуўапкер ислеп шығарыўшылар бундай әсбап-үскенелерди ислеп шығарыў ҳәм қолланыўда қәўипсизлик талапларына әмел етиўи шәрт.
Қарардың әҳмийети Өзбекстандағы жарылыў қәўпи болған орталықларда жумыс алып барыўшы шөлкемлер ҳәм кәрханалар ушын бирден-бир қәўипсизлик талапларын ислеп шығыўда көринеди.
Буннан тысқары, бул қарар жарылыў қәўпи болған орталықларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелердиң талапларын дизимге алады ҳәм олардың өндирис ҳәм пайдаланыў процесслеринде нызамлы тийкарда әмелге асырылыўын тәмийинлейди.
Регламентке бола, жарылыў қәўпи болған орталықларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелердиң талаплары енгизиледи ҳәм бул процесс 6 айдан кейин басқышпа-басқыш әмелге асырылады.
Техникалық регламент талаплары өндирис процесслеринде қәўипсизликти жаратыўға қаратылған. Бул өз гезегинде, қоршаған орталық ҳәм адамлардың қәўипсизлигинде үлкен әҳмийетке ийе.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА