Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

207

24-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Оған Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күни сенаторлар тәрепинен дәслеп «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам 2024-жыл 16-августта өткен шақырық Сенаттың 55-жалпы мәжилисинде де көрилген еди. Дәслепки додалаўлар процесинде сенаторлар елимизде кейинги жылларда жол ҳәрекети қатнасыўшыларының тийисли қағыйдаларға әмел етиў мәдениятын арттырыў, айдаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў бойынша көрилип атырған илажларға қарамастан, республика аймағында жол-транспорт ҳәдийселери жүз берип атырғаны ҳәм соның нәтийжесинде пуқаралардың өмирине ҳәм денсаўлығына зыян жетип атырғаны ҳаққында өз пикирлерин билдирген еди.

Нызамнан жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеўдиң унамсыз ақыбетлериниң алдын алыўға хызмет ететуғын жаңа нормалар орын алған.

Соның ишинде, Жынаят кодексине тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизиў арқалы транспорт қуралларын қайта мәс ҳалында басқарғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте. Буннан тысқары, Жынаят кодексине автомототранспорт қуралы айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, имтихан өткериў ҳәм айдаўшылық гүўалығын бериў тәртибин бузғаны, транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған адамның транспорт қуралын басқарғаны ҳәм қысылған тәбийғый газде, суйылтырылған нефть газинде ямаса дизель ҳәм газ тәризли жанылғы араласпасында ислейтуғын транспорт қуралынан пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте транспортта бийзарылық, яғный айырым айдаўшылар тәрепинен басқарыў мәдениятына әмел етпей, транспорт қуралын кескин басқарыў ҳәм басқа да ҳәрекетлерде сәўлелендирилген «агрессив басқарыў», «дрифт», «шахмат» тәризинде ҳәрекетлениў, жолларда тосқынлықларды пайда етиў сыяқлы қағыйдабузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай болса да, нызамдағы айырым нормалар бүгинги күндеги реал ўақыялылыққа және әмелдеги нызам ҳүжжетлери талапларына сәйкес келмегени себепли Сенаттың 55-жалпы мәжилисинде Сенат ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасы депутатларынан ибарат келисим комиссиясын дүзиў ҳаққында  қарар қабыл етилген еди. Буннан соң Сенат тәрепинен билдирилген усыныслар ҳәм наразылықлар келисим комиссиясы тәрепинен көрип шығылды ҳәм барлық мәселелер  ҳәр тәреплеме додаланып, нызам жетилистирилди.

Атап айтқанда, нызам менен жәрийма баллары есапланған жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланыў сыяқлы жуўапкершилик белгиленбекте. Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары бойынша есапланатуғын жәрийма баллары белгиленген муғдардан асқаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланғанда айдаўшылық ҳуқықынан айырыўдың ең аз муғдары алты айдан аз болмаўы нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы  кодекске киргизилип атырған жаңа 1952-статьясы да толық қайта исленди. Соның ишинде, пуқаралардың ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин фото, видеоға түсириў ҳәм көринислерди тарқатыў ҳуқықы сақлап қалынды. Қорғаў уйымлары хызметкерлериниң жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў толық сақланып қалмақта. Алдыңғы редакциядан өзгеше түрде бар нәрсени социаллық тармаққа қойғаны ушын жуўапкершилик белгиленбей атыр.

Нызамда тек ғана хызметкерлердиң сүўретин оларды абырайсызландырыўға алып келетуғын тәризде бузып тарқатпаў, яғный хызметкердиң ҳәрекетлери, сөзлери ҳәм жүз берген жағдайды бузбаў, сол мақсетте монтажламаў талап етилмекте.

Усы статья санкциясында белгиленген жәрийма муғдарлары да қайтадан көрип шығылды. Соның ишинде, қатаң белгиленген БЕМниң 50 есеси муғдарындағы жәрийма 20 еседен 50 есеге шекем етип, қатаң белгиленетуғын 15 сутка мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыў 10 суткаға шекем қысқартылмақта, яғный жағдайдан келип шығып, судья буннан да аз мүддет белгилеўи мүмкин.

Соннан келип шығып, бул статьяда «ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша хызмет ўазыйпаларын орынлап атырған ўақытта алынған фото – ҳәм (ямаса) видеокөринисти оларды абырайсызландырыўға алып келетуғын тәризде бузып тарқатыў, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында тарқатыў» ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи жол ҳәрекети қатнасыўшыларының жолларда ҳәрекетлениў мәдениятын арттырыўға, жол ҳәрекети қатнасыўшылары ҳәрекет даўамында белгиленген қағыйдаларға әмел етиўин тәмийинлеўге, жол-транспорт ҳәдийселериниң саны азайыўына хызмет етеди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Банклердеги аманатларды қорғаўдың кепилликлери ҳаққында»ғы нызам дадодаланды.

Додалаў барысында атап өтилгениндей, кейинги жылларда елимизде қаржы турақлылығын тәмийинлеў, банк тараўында бизнести жүргизиў ушын бәсеки орталығын раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын ҳуқықый тийкарларды жаратыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, банк аманатларын кепиллеў системасын жетилистириў республика банк-қаржы тараўының узақ мүддетли турақлылығын тәмийинлеўге. оны алдыңғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартларға муўапықластырыўға хызмет етеди.

Бул нызамда кепиллик бериў ҳәдийсеси ҳәм объекти, кепилленген аманат, кепиллик берилген аманатлар бойынша компенсация төлеў сыяқлы түсиниклер ашып берилген.

Нызам менен банклердеги аманатлардың қорғалыўына кепиллик бериў тараўындағы ўәкилликли уйым – Аманатларды кепиллеў агентлигиниң ҳуқықый статусы, ҳуқықлары менен миннетлемелери ҳәм оның жумыс ислеў тәртиби белгиленбекте.

Сондай-ақ, кепиллик бериў ҳәдийсеси жүз бергенде Аманатларды кепиллеў агентлиги тәрепинен бир аманатшыға ҳәр бир банкте кепиллик бериў объектиниң қалдығы 200 миллион сум муғдарында ямаса оннан аз болса толық көлемде компенсация төлениўи белгилеп қойылмақта.

Банк сапластырылғанда аманатшыларға Агентлик тәрепинен компенсация төлемин әмелге асырыў дәўири басқышпа-басқыш 7 жумыс күнине шекем азайтылыўы нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, банк сапластырылғанда компенсация төлеми 2025-жыл 1-январьдан баслап 20 жумыс күни, 2026-жыл 1-январьдан 15 жумыс күни, 2027-жыл 1-январьдан 7 жумыс күни даўамында әмелге асырылады.

Банк банкротлыққа ушыраған жағдайда, аманатшылар қаржыларының Агентлик тәрепинен қаплап берилиўин есапқа алып, аманатшылардың банктен талап етиў ҳуқықы Агентликке өткерилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи банк системасының турақлылығын беккемлеў жолы менен халық ҳәм исбилерменлердиң қаржылары пүтин сақланыўы және кепиллеў ҳәдийсеси жүз бергенде аманатшыларға қаржылар қысқа мүддетлерде төлеп берилиўи тәмийинлениўине хызмет етеди.

Додалаўдан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Экологиялық экспертиза, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Елимизде экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, елатлы пунктлердиң санитария ҳәм экологиялық жағдайын жақсылаў, экологиялық экспертизаны жетилистириў бағдарында комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Бирақ экологиялық экспертизаға байланыслы әмелдеги ҳуқықый ҳүжжетлер бөлек-бөлек, бир қатар нормалар силтеме характерине ийе, тараўды тәртипке салыўдың халықаралық талапларға сәйкес механизмлери болса енгизилмеген.

Бул болса, өз гезегинде бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен болған халықаралық инвесторлардың кирип келиўине, елимиздиң имиджине унамсыз тәсир көрсетпекте.

Додалаў даўамында сенаторлар әмелдеги нызам нормаларын системаластырыў, процесслердиң избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам экологиялық экспертиза, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салатуғынын атап өтти.

Нызамда экологиялық экспертизаның, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаўдың түсиниклери, мақсетлери, тийкарғы принциплери, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм оның ўәкилликлери, экологиялық экспертизаның түрлери, объектлери, субъектлери, экологиялық нормативлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм рәсмийлестириў мәселелери сәўлеленген.

Сондай-ақ, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаўда жәмийетшиликтиң қатнасы ҳаққындағы нормалар да белгиленбекте.

Стратегиялық жойбарлардың қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў системасын қабыл етилген халықаралық нормаларға бейимлестириў мақсетинде стратегиялық экологиялық баҳалаў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Бул нызам пуқаралардың қолайлы қоршаған орталыққа ҳәм бул ҳаққында исенимли мәлимлемеге ийе болыў ҳуқықын тәмийинлеўге хызмет етеди, экологиялық экспертиза жуўмағын бериў тәртип-қағыйдаларын нәтийжели ҳәм тиккелей тәртипке салыўшы нормалар әмелиятқа киргизилиўине тийкар болады.

Буннан тысқары, сырт ел инвесторлары ҳәм исбилерменлери ушын исенимли ҳәм ашық-айдын экологиялық баҳалаў системасы тәмийинленип, тартымлы инвестициялық орталық жаратылады.

Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Өзбекстан Республикасы пуқараларын, сырт ел пуқараларын ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жасаў орны ҳәм турған жери бойынша дизимнен өткериў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Әмелдеги «Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етилиўи зәрүр болған шахслар – Өзбекстан Республикасы пуқаралары категорияларының дизими ҳаққында»ғы нызам менен орнатылған айырым шеклеўлер пуқаралардың республикамыз аймағында еркин ҳәрекетлениўи, жасаў орны ҳәм келген жерин таңлаў бойынша конституциялық ҳуқықларынан толық пайдалана алмаўына себеп болмақта.

Буннан тысқары, турақлы жасаў ямаса ўақтыншалық турған орны бойынша дизимнен өткериў тәртиби республика бойынша бирдей емеслиги пуқараларды Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында турақлы жасаў ямаса ўақтыншалық дизимнен өткериўде бюрократиялық тосқынлықларды пайда етпекте.

Соның ишинде, 2024-жылдың 11 айы даўамында Ташкент қаласында  243 197 ҳәм Ташкент ўәлаятында 271 541 пуқара турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған.

Пуқаралар турақлы дизимнен өтиўи ушын әмелдеги нызам менен тастыйықланған дизимде келтирилген категорияларға тийислилигин тастыйықлаўшы қосымша ҳүжжетлерди, яғный туўылғаны, неке, қәўендерлик ҳаққындағы гүўалық ҳәм басқа ҳүжжетлерди тапсырып келмекте.

Пуқаралардың турақлы жасаў ҳәм ўақтынша дизимге алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлардан халықтың саны статискасын ҳәм аймақлар инфраструктурасын қәлиплестириўде, пуқараларды билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларында ҳәм социаллық қорғаў тараўында қоллап-қуўатлаўда, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде кеңнен пайдаланылады.

Сенаторлар тәрепинен қызғын додаланған нызам менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың жасаў орны бойынша дизимнен өтиўи ҳәм туратуғын орны бойынша хабардар етиўи, оларды жасаў ҳәм турған жери бойынша дизимнен өткериў тараўындағы тийкарғы принциплер ҳәм түсиниклер белгиленбекте.

Сондай-ақ, ИИМниң жасаў орны ҳәм турған жери бойынша дизимнен өткериў тараўындағы ўәкилликлери белгиленбекте.

Пуқараларға ҳәм турақлы жасаўшы сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға турған орны бойынша дизимнен өтиў ушын өзлерине қолайлы болған ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери, мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жеке ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн түрде мүрәжат етиў имканияты жаратылмақта.

«Е-xabar berish» системасы енгизилип, жасаў орны бойынша дизимнен өтиўге мүрәжат еткен Өзбекстан Республикасында турақлы жасаўшы сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды дизимнен өткериў ҳәм олардың есабын алып барыў усы система арқалы әмелге асырылыўы белгиленбекте.

Пуқаралардың жасаў орны бойынша дизимге қойылмастан жасаў мүддети 15 күннен 10 жумыс күнине шекем қысқартылып, пуқаралар ҳәм турақ жай ийелериниң өз ўақтында жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимнен өтиў бағдарындағы жуўапкершилиги арттырылмақта.

Паспорт системасы қағыйдаларын бузғаны ушын жәриймалар ҳуқықбузарлықлардың социаллық қәўиплилик дәрежесинен келип шыққан ҳалда оптималластырылып, олардың анық муғдары белгиленбекте.

Буннан тысқары, нызам менен 18 жасқа толмаған ҳәм 60 жастан асқан пуқаралар паспорт системасы қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликке тартылмайтуғыны ҳаққындағы жаңа қағыйда киргизилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи менен халықтың еркин ҳәрекетлениўине байланыслы конституциялық ҳуқықы тәмийинленеди. Нызам ҳуқықты қолланыў әмелиятында артықша бюрократияның ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен «Микроқаржыландырыў жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Соңғы жыллары мәмлекетимизде микроқаржыландырыў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилип атырған микроқаржылай хызметлерден пайдаланыў имканиятларын арттырыўға унамлы тәсир көрсетпекте.

Бирақ банк емес кредит шөлкемлериниң жумысына орнатылған айырым шеклеўлер, соның ишинде, қосымша қаржы ресурсларын тартыў имканиятларының шекленгенлиги усы шөлкемлер тәрепинен кең шеңбердеги тутыныўшыларға микроқаржылай хызметлердиң көрсетилиўине тосқынлық етпекте.

Соның менен бирге, жетерли имканиятқа ийе микроқаржы шөлкемлериниң коммерциялық банк дәрежесине басқышпа-басқыш «өсиўи» ушын имканиятлардың жоқ екенлиги тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўды талап етпекте.

Соның ушын «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы, «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы, «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы ҳәм «Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында»ғы нызамларға қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Нызам менен микроқаржы шөлкемлери ҳәм коммерциялық банклер арасында байланыстырыўшы «шынжыр»ды жаратыў, сондай-ақ, микроқаржы шөлкемлери ушын қосымша қаржы ресурслары, соның ишинде, депозит тартыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде банк хызметлерин руқсат етилген шәртлер тийкарында көрсетиў ўәкиллигине ийе болған юридикалық тәреп – микроқаржы банк институтын енгизиў, микроқаржы шөлкемлерин микроқаржы банклерине ҳәм микроқаржы банклерин коммерциялық банклерге ҳәм керисинше трансформациялаўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта.

Нызамда микроқаржы банки түсиниги, мироқаржы банки устав капиталының ең аз муғдары, микроқаржы банки белгиленген пруденциал нормативлерге әмел етиўи, кредит шөлкемлериниң жумысын өзгертиўдиң өзине тән өзгешеликлери белгиленбекте.

Сондай-ақ, республика аймағында банклердиң ямаса банк емес кредит шөлкемлериниң фирма атамалары менен алжастырып жибериў дәрежесиндеги уқсас болған фирма атамаларынан пайдаланыў қадаған етилмекте.

Бул нызамның қабыл етилиўи микроқаржы хызметлериниң ғалаба ен жайыўына, халықтың кең қатламаларының исбилерменлик басламалары қоллап-қуўатланыўына, оннан аймақларда пайдаланыў көлеминиң кеңейиўине хызмет етеди.

Додалаўдан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде «Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Мәмлекетимизде, шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин жынайый күш көрсетиўлерден қорғаў, нызам үстинлиги ҳәм қылмыс ушын жаза сөзсиз екенлигин тәмийинлеў принципи тийкарында нызамшылығымыз жетилистирилип, бул бағдарда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Оның логикалық даўамы сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-январьдағы «Жасырын экономикаға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик қадағалаў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-11-санлы пәрманы менен Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департментине бюджет нызамшылығы бузылыўының профилактикасын тәмийинлеў, экономикалық жынаятларды өз ўақтында ашыў, ҳәр тәреплеме, толық ҳәм әдил тергеў тараўында қосымша ўазыйпалар жүкленди.

Президент пәрманы менен Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине берилген ўазыйпалар ҳәм кепилликлер нызам менен беккемлеп қойылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанда Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине бюджет ҳаққындағы нызамшылық бузылыўларының профилактикасын тәмийинлеў, экономикалық жынаятларды өз ўақтында ашыў, ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тергеў тараўында қосымша ўазыйпалар жүкленбекте.

Өз гезегинде, нызам менен Жынаят-процессуаллық кодекси ҳәм “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызамға Департаменттиң жынаят ислери бойынша тергеўди алып барыў бойынша ўәкилликлери анықластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, нызамға муўапық Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм Бюджет кодексине киргизилип атырған өзгерислер менен Экономика ҳәм қаржы министрлиги Мәмлекетлик қаржыны қадағалаў уйымларының ўәкилликлери Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясына жүкленбекте.

Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен бул нызамның турмыста енгизилиўи тараўында нызамлылықты, нызамлар нормаларының анық ҳәм бирдей қолланылыўын тәмийинлеўге, сондай-ақ, суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Олий Мажлис Сенатының үшинши жалпы мәжилисинде “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде энергия ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўға, экономиканы жедел раўажландырыў ушын керекли болған энергияның пайда етилиўи ҳәм сарыпланыўын турақластырыўға ҳәм Өзбекстан аймағында сырт ел коммерциялық шөлкемлериниң ўәкилханаларын аккредитациялаўды әпиўайыластырыўға қаратылған реформалар әмелге асырылмақта.

Бирақ энергия ресурсларынан тутыныўшылардың төлем интазимый дәрежесиниң төменлиги ыссылық ҳәм электр энергиясы тәмийнаты кәрханаларының қаржы көрсетикшлерине унамсыз тәсир көрсетпекте. Жүзеге келген дебитор қарыздарлықты қысқа мүддетлерде сапластырыў ҳәм халыққа сапалы хызметлер көрсетиў имканиятлары да шекленбекте.

Сол себепли нызам менен ыссылық ҳәм электр энергиясы тәмийнаты кәрханалары тәрепинен көрсетилген хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў бойынша судларға киргизилген арза ҳәм шағымларды мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиўди нәзерде тутыўшы нормалар киргизилмекте.

Буннан тысқары, нызамда Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен сырт ел коммерциялық шөлкемлери ўәкилликлерин аккредитация еткенлиги ушын мәмлекетлик бажыны өндириў тәртибин жетилистириўди нәзерде тутатуғын өзгерислер де өз көринисин тапқан.

Онда сырт ел коммерциялық шөлкемлериниң ўәкилханаларын Өзбекстан аймағында аккредитациялаў ҳәм оның әмел етиў мүддетлерин созыў бойынша мәмлекетлик бажыны ҳәр бир жыл ушын төлениўи белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи энергия ресурслары тутыныўшылары тәрепинен  төлем интизамын беккемлеўге хызмет етеди, ыссылық ҳәм электр энергиясы тәмийнаты кәрханаларының қаржы көрсеткишлерине унамлы тәсир көрсетеди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жанлы атқарыў көркем өнерин және де раўажландырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамды көрип шықты.

Бул нызам менен “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы, “Мәдений хызмет ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында”ғы ҳәм “Реклама ҳаққында”ғы нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Мәденият министрлигиниң жанлы атқарыў көркем өнерин раўажландырыў, артист, дөретиўши ҳәм атқарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы бир қатар ўәкилликлер белгиленбекте.

Соның ишинде, мәмлекетлик мәдений концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде жанлы атқарыў яки фонограммадан пайдаланыў дәрежесин ҳәм усылларын белгилеў, атқарыўшы тәрепинен фонограмма ҳәм авторлық дөретпелеринен пайдаланыўда әмелдеги нызамшылыққа әмел етиўин мониторинг етиў ҳәм миллий көркем өнер ҳәм мәденияттың абырайын арттырыўға хызмет етип атырған дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Жаңа нормалардың әмелиятқа енгизилиўи музыка тараўының және де раўажланыўына, жаңа талантлыларды ашыўға, өзиниң ҳақыйқый жанлы даўысы болған қосықшылар ҳәм сәзенделердиң хызмети кеңнен хошаметлениўине хызмет етеди.

Буннан тысқары, нызам менен концерт-тамаша илажларының бағдарламасында  атқарыўшылар ҳәм дөретпе авторлары көрсетилиўи шәрт екенлиги ҳәм концерт-тамаша илажы рекламасында фонограммадан пайдаланыў дәрежеси ҳаққындағы мәлимлеме улыўма реклама майданының (көлеминиң) кеминде он процентин қураўы ҳаққындағы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Бул тамашагөйлердиң өз қәлеўин саналы түрде қабыл етиўине жәрдем береди. Қайсы қосықшы айтып атыр, ким намасын жазған, қай дәрежеде жанлы, қай дәрежеде фонограмма –ҳәммеси анық ҳәм ашық түрде болады.

Бул нызамның қабыл етилиўи концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириў нәтийжелилигин арттырыўға, жанлы атқарыў көркем өнерин раўажландырыўға, тутыныўшылардың ҳуқықларын және де беккемлеўге тийкар жаратады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының үшинши жалпы мәжилисиниң екинши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

    Мәлимлеме хызмети