Тренинг тәжирийбе алмасыў майданына айланды

Шоманай районы Мәденият бөлиминде “Исбилермен ҳаял-қызлар ҳәптелиги” шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлары ушын белгили эксперт, “Uzbekistan Business Awards 2024” мәресиминиң “Бизнес тәлим тренери” номинациясының жеңимпазы Ш.Ибрагимова тәрепинен бийпул семинар-тренинг өткерилди.
Тренингте мийманлар дәслеп райондағы өнерментлер тәрепинен ислеп шығылған қол өнери жумыслары ҳәм көргизбелери менен жақыннан танысты.
Семинар-тренингте район ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Н.Шотурсунова, “Ҳамрох” компаниясының баслығы Д.Нурматова, райондағы исбилерменлер ҳәм өзиниң исбилерменлигин енди басламақшы болып атырған исбилерменлик көнликпелерин өзлестириўге қызығыўшылығы бар 200 ден аслам ҳаял-қызлар қатнасты.

Өткерилген семинар район ҳаял-қызларында үлкен қызығыўшылық оятты. Семинар қызғын сәўбетлесиўлерге бай болып, пикир алысыў, тәжирийбе алмасыў майданына айланды. Қатнасыўшылар тәжирийбели қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги