Ыссыханаларда мониторинг жумыслары алып барылмақта

263

Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими қәнигелери менен биргеликте, Тақыятас районы аймағында жайласқан ыссыханаларда жетистирилип атырған өнимлер менен бирге, жүзеге келип атырған машқалаларды үйрениў бойынша мониторинг жумыслары алып барылды.

Бүгинги күнде Тақыятас районында, жәми 5 ыссыхана өз жумысын алып бармақта. Онда помидор ҳәм қыяр өнимлери егилип, жетистирилмекте.

Атап айтқанда Кенегес аўыл пуқаралар жыйынындағы “Тақыятас агрокомплектеплица” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы, Корея технологиясы тийкарында қурылған, улыўма майданы 2 гектар майданды қурайтуғын бул ыссыханада помидордың “Аламина” сорты ноябрь айында егилген болып, тәрбиялаў жумыслары алып барылмақта.

Ыссыхананың ишки бөлими оптималластырылған түрде жылытылған болып, бул өнимлердиң экологиялық жақтан таза ҳәм сапалы жетистирилиўин тәмийинлейди. Жетистирилген өнимлер стандартларға муўапық, тийкарынан ишки базарларға бағдарланады.

Буннан тысқары бул жерде жумыс алып барып атырған жумысшылар тийкарынан усы мәҳәлледеги ҳаял-қызлар болып, олардың жумыс ислеўи ушын жақсы шараятлар жаратылған. Бул ыссыханада ҳәзирги ўақытта помидор нәллери тәрбияланып, олар өним бериў алдында турыпты.

Ыссыхана жумысы тек ғана аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди раўажландырыўға емес, жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеўге де хызмет етпекте.

Мониторинг даўамында бул бағдардағы жумыслардың барысы үйренилип, ыссыхананың жумысларын жетилистириў бойынша пикир-усыныслары тыңланды.

Түркиялы агроном тәрепинен ыссыханада нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Мониторинг жумыслары Тақыятас районындағы “Найман агротеплица” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген 8,5 гектарлық жер майданды ийелеген ыссыханада да алып барылды. Ол палыз өнимлерин жетистириў бойынша ири жойбарлардан бири болып есапланады.

Бүгинги күнде ыссыханада түркиялы агроном Булант Атеш тәрепинен 4,5 жылдан берли помидордан мол өним алыў нәтийжели жолға қойылған. Бул ыссыханада ҳәр бир гектардан 100 тонна өним алыў мүмкиншилиги жаратылған болып, онда заманагөй технологиялар қолланылып, экологиялық таза ҳәм сапалы палыз өнимлери жетистирилмекте.

Ыссыханада помидорлар декабрь айынан баслап писип жетилисип, май айының ақырына шекем терим мапазы даўам етеди. Терилген помидорлар Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлерине экспортқа шығарылады. Сондай-ақ, ишки базарларға да арзан баҳада тарқатылады.Бүгинги күнде ыссыханада 30 дан аслам ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги