Исбилермен ҳаял-қызлар арасында бир қатар келисимлер дүзилди

«Исбилермен ҳаял-қызлар ҳәптелиги» шеңбериндеги илажлар даўам етип, Нөкис қаласында “Hamroh” Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў компаниясы ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм АТБ “Микрокредитбанк” пенен биргеликте Исбилермен ҳаял-қызлардың дөгерек сәўбети өткерилди.
Онда қарақалпақстанлы 100 ге шамалас ҳәр қыйлы бағдарларда жумыс ислеп атырған исбилермен ҳаял-қызлар ҳәм республиканың түрли аймақларынан келген 60 тан аслам исбилерменлер қатнасты.
Илажда ерисилген келисимлер нәтийжесинде 8 бағдардағы меморандумларға қол қойылды. Атап айтқанда, Саўда-санаат палатасы ҳәм АКБ “Микрокредитбанк” арасында ҳаял-қызлардың исбилерменлик хызметлерин және де кеңейтиў ҳәм раўажландырыў, Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекстанда хызмет көрсеткен исбилермен Ш.Нориева арасында Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында арнаўлы мектеплерди шөлкемлестириў, Саўда-санаат палатасы ҳәм бизнес-тренер Ш.Ибрагимова арасында Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында ҳаял-қызлар ушын финанслық саўатлылықты арттырыў бойынша тренинглерди шөлкемлестириў, Бухаралы палшы-исбилермен Н.Рўзиева ҳәм Кегейли районынан палшы М.Нурманова менен өз-ара тәжирийбе алмасыў, Саўда-санаат палатасы Наўайы ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармалары арасында ғәллешиликти раўажландырыў, қашқадәрьялы өнермент уста М.Маннонова ҳәм Өзбекстан Республикасы майыплар жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими арасында Майыплық үйи тәрбияланыўшыларының ислеп шығарған өнимлерин сатып алып, экспорт етиў, Ферғана ўәлаяты Риштон районынан уста өнермент “Porcelion” ЖШЖ басшысы М.Саттарова ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университети көркем өнер факультети менен университет студентлерине әмелият майданын жаратыў бойынша өз-ара меморандумларға қол қойылды.

Соның менен бирге, илажда ҳәптелик шеңберинде республика аймақларынан келип, қарақалпақстанлы ҳаял-қызларға исбилерменлик көнликпелери бойынша мастер-класслар өткен интакер исбилермен ҳаял-қызларға алғыснамалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги