Қарақалпақстанлы илимпазлардың әдиўли устазы

ϴзбекстанда мәденият теориясы ҳәм тарийхы илимий мектебиниң тийкарын салыўшысы академик Саид Шермухамеддовты бурын жақсы танымайтуғын едим.
Бурынғы аўқам тарқағаннан кейинги, алғаў-далғаў жыллар еди. Умытпасам, 1991-жылы Ташкент қаласындағы «Панорама»да болып өткен ϴзбекстан Республикасы Муғаллимлериниң қуралтайында баянатымды жасап, жумыслар менен асығып баратырсам, изимше биреў шығып, 1 минут ўакытыңыз бар ма?,- деген даўысқа жалт қарасам, әпиўайы, зыялы бир инсан тур екен.
Ассалаўма-әлейкум, деп қарақалпақшалап қос қоллап сәлемлестим. Ол сәлемимди әлик алып, мени таныдыңыз ба?-деди. Мен қысынғанымнан, басымды шайқадым. Соң, ол өзин таныстырды. Мен философия илимлериниң докторы, Саид Шермухаммедов боламан, деди. Менде өзимди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Татлымурат Атамуратов екенимди айтып, танымай қалғаным ушын кеширим сорадым.
Сонда Саид аға әлбетте дурыс, биз бурын ушыраспағанбыз, сонлықтан да сиз танымайсыз деп, сөзин ары қарай жалғастырды. Меннен тәўир-ақ, жасы үлкен болыўына қарамастан, сиз деп сыпайылылық пенен сөйлегенине жүдә кеўлим толды.
Сиз илим кандидаты екенсиз, деп миллий мәмлекетшилигимиз ушын илим-билимлендириў тараўын раўажландырыўда сиздей арнаўлы жас кадрлар ҳаўадай зәрүр екенлигин айтып, тезирек, докторлық диссертациясын қорғаўды мәсләҳәт еткени, еле есимнен шықпайды.
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги, философия илимлериниң докторы Саид Шермухаммедов мәмлекетимизде философия илимине байланыслы мәселелерди илимий изертлеўде, социаллық-гуманитарлық илимлер бағдарында жоқары маман кадрлар таярлаўда белсендилик көрсеткен инсан еди.
Талапшаң ҳәм пидайы устаз өзиниң өмири даўамында жасларға илим-билимниң әлўан түрли сырларын үйретти ҳәм оның басшылығында көплеген илим кандидатлары ҳәм докторлары өсип жетилисти.
Соның ишинде, Қарақалпақстанда да Саид Шермуҳамедовтың тиккелей басшылығында бир қанша илим докторлары ҳәм илим кандидатлары жетилисип шықты. Атап айтқанда, философия илимлеринин кандидаты, доцент, Юсупбай Алимбетов, философия илимлеринин кандидаты, сиясаттаныў илимлериниң докторы, профессор Алмагүл Байриева, философия илимлеринин кандидаты, социология илимлериниң докторы, профессор Зухра Сейтова, философия илимлеринин кандидаты, доцент Эргаш Асаматдиновлар өзлериниң илимий жумысларын табыслы қорғап шығыўға миясар болды.
Әжайып инсан, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги, философия илимлериниң докторы Саид Шермухаммедов арамызда жоқ болғаны менен, бүгин ол жазып қалдырған бийбаҳа илимий мийнетлер ҳәм тәрбиялап шығарған шәкирт илимпазлар елимизде илим тараўының раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен жумыс ислемекте.
Әлбетте, «устаз-атаңдай уллы»,-дегениндей қарақалпақстанлы илимпазлар да өзлериниң әдиўли устазы, академик Саид Шермуҳамедовтың көрсеткен аталарша ғамқорлығы ҳәм устазлық жол-жобаларын ҳеш қашан умытпай, «Жаңа Өзбекстан»ның ақыл-зәкаўатқа толы, жаңа әўладына тыянақлы билим бериўде аянбастан хызмет ете береди.
Татлымурат Атамуратов,
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы,
Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги