Жүзден аслам пуқараның судларға тийисли мүрәжатлери қабыл етилди

Халықтың арасына кирип, олардың суд-ҳуқық тараўындағы мүрәжатлерине нәтийжели шешим табыў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, жәбиркешлердиң орынларда судпа-суд жүриўин тоқтатыў және “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында анық әдил суд системасын қәлиплестириў бүгинги күнде судлардың әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады. Усы бағдарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласында өткерилген көшпели қабыллаўда Тақыятас, Нөкис районларының ҳәм Нөкис қаласы турғынларының суд-ҳуқық системасына тийисли мүрәжатлери тыңланды.
Жоқары судтың аппарат басшысы А.Холмахматов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды баслықлары тәрепинен 103 пуқараның системаға тийисли мүрәжатлери қабыл етилди. Соннан 48 и жынаят, 11 и ҳәкимшилик, 42 си пуқаралық ҳәм екеўи экономикалық судлаўға байланыслы мәселелер көрилип, аўызша ҳәм жазба мүрәжатлер қабыл етилген көшпели қабыллаўда 52 мүрәжаттың ийесине тийкарланған ҳуқықый түсиниклер берилди.
Сол күнниң өзинде жазасын өтеп атырған 9 шахс усыныс ҳәм өтиниш хатлар тийкарында жынаят ислери бойынша суд тәрепинен жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилди. 2 пуқараның ҳәкимшилик уйым қарары үстинен шағым етиў мүддети тикленди, 5 пуқараның қарсысына топланған жынаят иси тәреплердиң жарасыўына тийкарланып тамамланып, олардың мүрәжатлери унамлы шешилди.
Пуқаралық ислери бойынша суд тәрепинен алимент өндириў ҳаққындағы 11 суд буйрығы шығарылып, орынлаўға қаратылды. Соның менен бирге, юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди белгилеў бойынша 4 арза қанаатландырылды. Ажырасыў алдында турған, жас өспирим перзенти бар бир шаңарақ жарастырылды.
Экономикалық ислер бойынша суд тәрепинен 2 исбилерменлик субъектине суд қарарлары үстинен даўа етиў тәртиби түсиндирилди.

Көшпели қабыллаўда мүрәжатлери шешилген 16 пуқара Қарақалпақстан Республикасы судының жумыслары бойынша Жоқары суд баслығы атына жазба алғыс билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги