Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң рәсмий емес ушырасыўы болып өтти

251

25-январь күни Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров сапар етип мәмлекетимизде болды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятындағы «Әмирсай» курорт комплексинде Қырғызстан Президенти менен рәсмий емес ушырасыў өткерди.

Жетекшилер еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиў бойынша пикир алысты.

Қырғызстан Президенти таў-шаңғы комплексинде жаратылған шараятлар ҳәм оның дүньяның жоқары стандартларына сәйкес заманагөй инфраструктурасын жоқары баҳалады.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстанда мәмлекетлеримиздиң бийбаҳа геоландшафтын ҳәм ҳәр қыйлы тәбиятын есапқа алып, курорт-рекреация орайларын шөлкемлестириўге қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

ӨзА