Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги бойынша орайдың тийкарғы бағдарлары белгиленди

«Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети жанындағы «Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий –техникалық орайы» мәмлекетлик мәкемесиниң жумысын жолға қойыў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (27-санлы, 21.01.2025.ж) қабыл етилди.
Оған бола, төмендегилер «Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайы» мәмлекетлик мәкемеси жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди:
-радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ҳәм тәртипке салыў бойынша илимий изертлеўлер ҳәм илимий-техникалық жумыслар тийкарында усыныслар илеп шығыў;
-атом энергиясынан пайдаланыў объектлериниң ҳәм (яки) атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумыстың қәўипсизлигин тийкарлаўға байланыслы экспертиза өткериў;
-атом энергиясынан пайдаланыў тараўында радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги бойынша нормативлик базаны раўажландырыў ҳәм қәлиплестириў;
-радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги мәселелери бойынша мәмлекетлик бағдарламалар, халықаралық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўда, сондай-ақ, қадағалаў ҳәм лицензиялаў хызметин техникалық, таллаў ҳәм экспериментал қоллап-қуўатлаўда қатнасыў;
-радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында алдыңғы технологиялардан пайдаланған ҳалда илимий тийкарланған қәўипсизлик, моделлестириў ҳәм есаплаў таллаўын өткериў;
-радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәртипке салыў тараўында мағлыўматлар базаларын ислеп шығыў, жаратыў, қәлиплестириў ҳәм сақлаў;
-өз ўәкиллиги шеңберинде халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги