Жынаят кодексине тийисли өзгерислер киргизиў арқалы транспорт қуралын қайтадан мәс ҳалында басқарғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте. Буннан тысқары, Жынаят кодексинде транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахстың транспорт қуралын басқарғаны ушын да жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.


Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте транспортта тәртипсизлик, яғный айырым айдаўшылар тәрепинен басқарыў мәдениятына әмел етпей, транспорт қуралын кескин басқарыў ҳәм басқа ҳәрекетлерде белгиленген «агрессив басқарыў», «дрифт», «шахмат» түринде ҳәрекетлениў, жолларда тосқынлық пайда етиў сыяқлы нызамбузылыўшылықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Буннан тысқары нызам менен жәрийма баллары есапланған жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанда айдаўшылық ҳуқықынан айырыўдың ең аз муғдары алты айдан аз болмайтуғыны нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги